Президент Шавкат Мирзиёевтың Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялар ҳәм Өзбекистан Экологиялық ҳәрекетиниң ўәкиллери менен видеоселектор мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи
Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли депутатлар менен сенаторлар!
Қәдирли мәжилис қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, бүгин сиз, әзизлер менен, Олий Мәжилис палаталарының басшылары, сиясий партиялардың ҳәм Экологиялық ҳәрекеттиң ўәкиллери менен ушырасып турғанымнан қуўанышлы екенимди билдирип, бәршеңизге шын жүректен өзимниң жақсы тилеклеримди билдиремен.
Елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында усындай қурамда ҳәм мазмунда дәслепки мәрте өткерилип атырған бул ушырасыў мен ушын үлкен мәртебе ҳәм жоқары жуўапкершилик, десем, әйне ҳақыйқатты айтқан боламан.
Бүгин биз заман талапларынан келип шығып, раўажланыўымызды жаңа басқышқа көтериў жолынан жедел илгерилеп бармақтамыз.
Ең тийкарғысы, жәмийетлик турмыстың барлық салаларын буннан былай да еркинлестириў ҳәм реформалаў процесслери избе-из даўам еттирилмекте. Қайсы бир салада ямаса тармақта болмасын, әҳмийетли машқалалар халқымыз бенен ашық додаланып, олардың шешими табылмақта. Барлық қарарларымыз халқымыздың пикир-усыныслары менен мүрәжатлары тийкарында қабыл етилмекте.
Мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, соның ишинде, экономика, банк-қаржы саласы мәкемелери, коммуналлық хызмет, ишки ислер, сыртқы ислер, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў, суд-ҳуқық системасының парламентлик ҳәм жергиликли кеңеслерде есап ҳәм мәлимлеме бериў тәртиби жолға қойылып, халық қадағалаўы әмелде енгизилмекте.
Бундай оғада әҳмийетли процесслерде, әлбетте, сиясий партиялардың ўәкиллери, ҳүрметли депутатлар менен сенаторлардың орны ҳәм жуўапкершилиги соншелли шексиз екенлигин, ҳәммемиз жақсы түсинемиз, деп ойлайман. Биз миллий парламентимиз тымсалында, ең алды менен жәмийетимиздиң ҳақыйқый айнасын, адамларды өз изине ертип, ийгиликли мақсетлерге қарай баслайтуғын үлкен бир күшти көремиз.
Ҳүрметли дослар!
Мен де көп жыллар депутат болғанман, сол себепли өз тәжирийбемнен жақсы билемен – депутат болыў, халқ исенимине ерисиў ҳәм оны мүнәсип түрде ақлаў – бул аңсат емес.
Бундай абырой ҳәммеге де несип етпейди. Депутат – пикири менен халыққа ең жақын адам, ҳәмийше ел-халқының тәшўиш ҳәм машқалалары менен жасайтуғын, үлкен билимге ҳәм тәжирийбеге ийе болған шахс.
Биз, мине, усы ҳақыйқаттан келип шыққан ҳалда, кейинги ўақытта кадрлар сиясатында жаңаша бир тәжирийбени қолланып атырмыз. Яғный, ҳүрметли депутатлар ҳәм сенаторлар, партия ўәкиллери жоқары ҳәм жуўапкершиликли лаўазымларға тайынланбақта. Оларға әҳмийетли салалар исенип тапсырылмақта.
Қысқа ўақыт ишинде Олий Мажилис палаталарының 20 дан зыят ўәкиллери мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў системасындағы ҳәр қыйлы жоқары ўазыйпаларға өткерилди.
Мәселен, «Адолат» социал-демократиялық партиясы фракциясының ағзасы А.Шодманов, денсаўлықты сақлаў министри, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының ағзалары, сенатор Қ.Турсунов Наўайы ўәлаятының ҳәкими, М.Ғафурова Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары, Өзбекистан Либерал-демократиялық партиясының ағзасы Б.Темирханова Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының баслығы, Халық демократиялық партиясы баслығының орынбасары Р.Камилов Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйи, халық демократиялық партиясы фракциясының ағзасы Ё.Умаров Министрлер Кабинети департаментиниң баслығы лаўазымына тайынланды.
Сондай-ақ, жергиликли кеңеслер депутатларының дерлик 200 ден асламы орынларда басшылық лаўазымларына өткерилди.
Биз бул бағдардағы сиясатымызды келешекте де сөзсиз даўам еттиремиз. Өзиниң шөлкемлестириўшилиги ҳәм инталылығы, жуўапкершилиги менен халықтың исенимине ерискен ҳәр бир парламент ағзасы ҳәм партия ўәкили ҳеш қашан итибарсыз қалмайды.
Әйне пайытта бүгинги заманның өзи бәримизден, биринши гезекте, сиясий партиялардың ўәкиллери, депутатлар менен сенаторлардан елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың тек ғана қатнасыўшысы емес, ал баслаўшысы ҳәм тийкарғы атқарыўшысы болыўды, басқаларға үлги көрсетиўди талап етпекте.
Бүгинги ушырасыўымыздан тийкарғы мақсет – бул бағдарда ерискен табысларымызды тән ала отырып, сизлер менен биргеликте ҳәкимияттың ўәкилликли уйымлары, сиясий партиялардың ҳәм экологиялық ҳәрекеттиң өткен дәўирдеги жумысын өз-ара пикирлесиў түринде, сын көз-қарастан талқылаў, реформаларды буннан былай да тереңлестириў жолында алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп алыўдан ибарат.
Усы көз-қарастан қарағанда, бәринен бурын, сиясий партиялардың жумысындағы айырым машқалалар менен кемшиликлер туўралы сөз етиў орынлы, деп ойлайман.
Бириншиден, бүгинги күнде сиясий партиялар өз электоратына берген ўәделерин, сайлаўалды бағдарламаларын толық ҳәм нәтийжели орынламақта, деп айта алмаймыз. Олар елеге шекем елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында, пуқаралардың сана-сезиминде өзиниң беккем орнын ийелей алмады.
Сиясий партиялар ҳәм Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасының жумысында партияның фракциялары тәрепинен тийкарғы мақсетлер менен ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылған анық усыныслар менен басламалар дерлик сезилмей атыр.
Мәселен, Халық демократиялық партиясы өзин пенсионерлер, кем тәмийинленген халық қатламларының мәплерин қорғаўшы сыпатында көрсетеди. Бирақ, қалыслық пенен айтатуғын болсақ, партия усы мақсет жолында шынында да әмелий жумыс ислеп атыр ма!
Партия пенсионерлердиң турмыс дәрежесин, олардың жәмийетлик белсендилигин күшейтиў, мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдағы қатнасын қоллап-қуўатлаў бағдарында көзге көринетуғын басламалар менен шығып атыр ма!
Усы бағдарда бир мысалға мүрәжат етейик. Бәриңизге белгили, пенсионерлердиң белгили бир бөлегин майыплар қурайды. Бирақ, ҳәзирги ўақытта олар өзиниң жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзасы деп сезиниўи ушын барлық зәрүрли шараятлар жаратылмаған. Бул ҳақыйқатты өкиниш пенен тән алыў керек. Майыпларды, протезлер, инвалидлер коляскалары менен тәмийинлеў, олардың турақ жайға ҳәм ҳәкимшилик имаратларға кирип-шығыўы, метро менен автобуслардан биймәлел пайдаланыўы ушын пандуслар менен платформалар қурыў сыяқлы мәселелерде, улыўма, усы социал категорияның талаплары менен мүтәжликлери, нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўде бир талай кемшиликлердиң ҳәм машқалалардың бар екенлиги сыр емес.
Усы бағдарда ХДП қашан бирде-бир нызам дөретиўшиси болып баслама көтерди ҳәм оның орынланыўы үстинен қандай қадағалаў алып барды! Ямаса «Мириўбет», «Сақаўат» ҳәм «Меҳрибанлық» үйлериниң жумысын жақсылаў бойынша партия тәрепинен әмелий ҳәрекетлер болып атыр ма!
Және бир әҳмийетли мәселе – пенсионерди дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеўдеги машқалаларды шешиў ушын усы партия не иследи!
Егер Халық демократиялық партиясы мине, усы әҳмийетли жәмийетлик мәселелер менен жақыннан шуғылланғанында, Президенттиң Халық қабыллаўханаларына халықтың кем тәмийинленген қатламларынан, бәринен бурын, пенсионерлерден көплеген шағымлар менен арзалар түспеген болар еди, деп ойлайман.
«Миллий тикланиш» партиясын алатуғын болсақ, ол миллий мийрасымызды ҳәм қәдриятларымызды тиклеў, оларды буннан былай да байытыў менен бирге, туризм саласын раўажландырыўды да өз алдына ўазыйпа етип қойған. Бирақ, партия әмелде бул саладағы нызамшылықты жетилистириў, бар нызамлардың орынланыўын қадағалаў бойынша толық белсендилик көрсете алмай атыр.
Себеби, туризм саласын раўажландырыў жолында қанша машқалалар, соның менен бирге, еле пайдаланылмаған үлкен имканиятлардың бар екенин, бул тармақ жаңадан-жаңа жумыс орынларын жаратыўда қаншелли әҳмийетли дәрек екенин артықша түсиндирип отырыўдың қәжети жоқ.
Лекин, усы партиядан сайланған депутатларымыз, мысал ушын, аэропортларға яки вокзалларға, мийманханаларға, бажыхана постларына барып туристлер ушын қандай шараятлар жаратылғанын үйренип, ҳақықый жағдайды жақсылаў бойынша әмелий усыныслар ҳәм басламалар менен шығып атыр ма!
Басқа да салаларда болғаны сыяқлы туризм саласында да ең үлкен машқала – заманагөй пикирлейтуғын, өз жумысын, шет тиллерди пуқта билетуғын жоқары маманлықтағы кадрлардың жетиспеўшилиги менен байланыслы.
Әне, усы әҳмийетли машқаланы шешиў мақсетинде партияның ўәкиллери қайсы бир жоқары оқыў орнына, қайсы колледжге барып, туризм бойынша қәнигелер таярлаў процесслери менен, оқыў бағдарламалары менен қызығып атыр! Бул ушын қаржы керек емес ғой!
Биз соңғы ўақытта туризм саласын раўажландырыў ушын бир қатар әҳмийетли қарарлар қабыл еттик. Соның ишинде, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети шөлкемлестирилди, усы саланың раўажланыўын жеделлестириў ушын қосымша имканиятлар менен жеңилликлер жаратып берилди. Бирақ, олар негедур ҳәзирге шекем «Миллий тикланиш» партиясы ушын додалаў объектине айланбады.
Және бир әҳмийетли мәселе – елимиздеги тарийхый естеликлерди тиклеў ҳәм оңлаў, уллы бабаларымыздың зыярат етиў орынларын абаданластырыў бойынша алдымызда қаншадан-қанша ўазыйпалар тур.
Мине, ҳәзирги ўақытта Қашқадәрьяда Әбу Муин Насафий, Ташкент қаласында Сузук ата, Наманган ўәлаятында Ибрат муғаллим, Султан Увайс сыяқлы уллы инсанлардың естеликлерине арналған жаңа комплекслер, миллий өзлигимизди тереңирек аңлаў, жаўызлыққа қарсы ағартыўышылық пенен гүресиў мақсетинде Самарқандта Имам Бухарий атындағы халықаралық илимий орай, пайтахтымызда болса, Өзбекистандағы Ислам мәдениятының орайын қурыў бойынша оғада үлкен жумыслар алып барылмақта.
Бул партия неше жыллардан берли тарийхый ҳәм мәдений мийрас мәселелери менен шуғылланады. Бирақ, хақықый тарийхымызды тиклеў бойынша мектеплерде ҳәм жоқары оқыў орынларында алып барылып атырған жумыслар, оқыў бағдарламаларының дәрежесин партия белсендилери үйренген бе өзи!
Сизлерге белгили, биз жақында Өзбекистанның жаңа тарийхын жаратыў бойынша қарар қабыл еттик. Бул қарарды таярлаў процесинде усы партияның роли, усынысы улыўма сезилмегени, оның ўәкиллери қатнаспағаны, адамды ҳайран қалдырады, әлбетте.
Жоқарыда тилге алынған мәселелер бойынша баслама әйне, «Миллий тикланиш» партиясынан шығыўы керек емес пе! Не ушын бундай усыныслар тек ғана Президент тәрепинен билдирилиўи керек!
«Адолат» социал-демократиялық партиясы жәмийетлик әдилликти, илимди, тәлим-тәрбия ҳәм денсаўлықты сақлаў саласында халықтың мәплерин қорғаў сүрени астында жумыс алып баратуғыны белгили.
Бирақ, партия усы салаларда, атап айтқанда, жәмийетимизде нызам ҳәм әдиллик үстинлигин ямаса халыққа медициналық хызмет көрсетиў ҳәм оны дәри-дәрмақ қураллары менен тәмийинлеўди жақсылаў бойынша анық басламаларды не ушын өз ўақтында алға қоймағаны аянышлы жағдай болып табылады.
Ҳәзирги ўақытта елимизде илим, тәлим-тәрбия салалары, соның ишинде, илимлер академиясының жумысын жетилистириў бойынша өзгерислер әмелге асырылмақта. Лекин «Адолат» партиясының ўәкиллери, олардың депутатлары, мысал ушын, жас илимпазлар менен бир мәрте болса да ушырасып, олардың дәртин тыңлап, машқалаларын шешиў бойынша қандай әмелий усыныслар берди! Тилекке қарсы, бундай усыныс жоқ.
Мине, бүгинги күнде Кадрлар таярлаў миллий бағдарламасын жетилистириў бойынша орынларда ҳәр қыйлы пикирлер, усыныслар билдирилмекте. Бирақ не ушын партия бул мәселелер бойынша өз пикирин, өз қатнасын билдирмей атыр!
Денсаўлықты сақлаў, жәмийетимизде нызам ҳәм әдиллик үстинлигин тәмийинлеў, шаңарақларда, мәҳәллелерде саламат орталықты беккемлеў бойынша соңғы пайытта қанша әҳмийетли илажлар өткерилмекте, бул бағдарда улыўма жаңа система қурылмақта. Сизлер әне, усы мәселелер бойынша бирде-бир пикир билдирдиңиз бе!
Жақында баспасөзде Өзбекистан судьялар жәмийетшилигиниң мүрәжаты жәрияланды.
Ал, «Адолат» партиясының бул мәселеге мүнәсибети қандай – сайлаўшыларыңыз, тәрепдарларыңыз сизлерден бул сораўларға жуўап күтиўге ҳақылы.
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекистан Либерал демократиялық партиясының жумысында елимиздеги жетеши сиясий күш сыпатында белсенди ҳәм нәтийжели деп болмайды.
Президент сайлаўларының болып өткенине де мине, ҳә демей бир жыл толады. Бирақ, партиямыз ҳәзирги ўақытта жаңа идеяларды, жаңа басламалар менен усынысларды ортаға қойып атырған жоқ.
Мине, биз Өзбекистан Саўда-санаат палатасының жумысын жаңа тийкарда шөлкемлестирип оның басшыларын да өзгерттик.
Елимизде исбилерменликти ҳәм жеке меншикти буннан былай да қоллап-қуўатлаў, бул салаға жаңадан-жаңа жеңилликлер менен преференциялар жаратып бериў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Қанша еркин экономикалық зоналар, аўылларда киши санаат аймақлары шөлкемлестирилип атыр. Аўыл хожалығы саласында биз ушын жаңа болған тармақлар менен бағдарларға тийкар салынбақта. Бул бағдарда биз жүдә әпиўайы, лекин, терең турмыслық тийкарға ийе болған бир принципке әмел етип атырмыз.
Яғный, тек бир аўыл хожалық егинине ғәрезли болып қалмастан, дәрамат, пайда көз-қарасынан өзин ақламаған пахта майданларын қысқартып, олардың орнына не нәрсе дәрамат келтирсе, қайсысы экспортқа жарамлы болса, қайсы өним адамлардың турмысын абадан ететуғын болса, әйне сол егинди егемиз.
Бирақ, бул жумысларды избе-из ҳәм нәтийжели әмелге асырыў, олардың нәтийжесин тәмийинлеў ушын барлық жуўапкершиликти тек ғана атқарыў уйымларына жүклеп қойыў да дурыс болмайды. Бул мәселелерде исбилерменлер, фермерлер, жеке меншик, соның ишинде, интеллектуал мүлк ийелериниң ҳуқықлары менен мәплерин қорғайман, деп баслама көтерген Өзбекистан Либерал демократиялық партиясының орны ҳәм қатнасы, әмелий тәсири анық сезилиўи зәрүр.
Мине, жақында елимиздиң жаслары өз қуралтайында жаңа шөлкем – жаслар аўқамын шөлкемлестирди. Усы мәжилисте жаслардың турмысына тиккелей байланыслы болған көплеген мәселелердиң қатарында жас исбилерменлерди қыйнап атырған қанша машқалалар да ортаға қойылды.
Не ушын Либерал-демократиялық партиямыз усы мәселеге өз ўақтында итибар қаратып, бул машқалаларды ҳүкимет алдына, тийисли министрликлер менен ведомстволардың алдына қоймады, деген сораў, тилекке қарсы, жуўапсыз қалмақта.
Себеби, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў партиямыздың тийкарғы мақсети екени Бағдарламада ҳәм Режеде жазып қойылған.
Ҳәр қандай сиясий партия заман менен үнлес болып, оның өткир талапларына жуўап бергенде ғана сиясий күш сыпатында жасай алады. Биз тек ғана ӨзЛиДеП емес, ал барлық партиялардың мысалында әне усындай қүдиретли ҳәрекетшең күшти көриўди қәлеймиз.
Ҳәзирги ўақытта дерлик ҳәр күни елимиз раўажланыўының ҳәр қыйлы салалары бойынша кеминде 2-3 қарар ямаса пәрманның шығып атырғанын көрип турсызлар. Әлбетте, булардың барлығы турмысымыздың жақсы екенлигин көрсетип атырған жоқ, керисинше, күнделикли турмыста машқалалардың көплиги ҳәм оларды шешиў зәрүрлиги усыны талап етпекте. Бирақ негизинде турмысымыздағы мине, усындай ең әҳмийетли тийкарғы мәселелер бойынша сиз, депутатлар сапалы ҳәм пуқта нызамларды өз ўақтында қабыл етиўиңиз керек емес пе!
Мен ҳәр қыйлы мәжилислерде, биз еки жыл даўамында айрықша ҳәрекетшеңлик жағдайында ислеўимиз керек, деген пикирди бәрқулла айтып киятырман.
Бирақ, бул мәселе бойынша Олий Мажлис ҳәм оның басшылығы, атап айтқанда Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Мўйдинхонович Исмоилов, Сенат Баслығы Ниғматилла Тўлқинович Йўлдошевтың позициясында яки олардың шығып сөйлеўлеринде, ямаса әмелий ҳәрекетлеринде сезилмей атыр.
Талқылаўлар соны көрсетпекте, әмелдеги нызамларымызда бир-бирине қарсы орынлар да жоқ емес. Бирақ, бүгин қайсы бир партияның басламасы менен олардың соншасы өзгерди деп айта аламыз!
Ашық айтыў керек, сиясий партияларда бул салада елеге шекем арқайынлық, қандай да бир мүлгип отырыў кейпияты ҳүким сүрмекте. Ҳеш кимге пайдасы болмаған мәжилислер саатлап даўам етпекте, сын талқылаўдың орнына майда мәселелерге араласып, әҳмийетли мәселелердиң шешими шетте қалып кетпекте.
Итибар бериң, ҳәр бир партияның бағдарламасында ўазыйпалары менен бағдарлары анық белгиленген. Усы салалар бойынша жуўап беретуғын министрлик ҳәм мәмлекетлик комитетлер де анық.
Бирақ, не ушын партиялар әне, усы министрликлер менен комитетлердиң жумысы үстинен өзлериниң ўәкиллик уйымларындағы фракциясы ҳәм партияның топарлары арқалы парламентлик және депутатлық қадағалаўды нәтийжели әмелге асырмай атыр, деген сораў туўылады.
Усы мүнәсибет пенен ҳәр бир сиясий партия өз бағдарламасындағы ўазыйпалардан келип шығып қадағалайтуғын министрликлер менен комитетлерди анықлап алыў, олар менен системалы ҳәм турақлы түрде ислесиўи пайдадан жырақ болмас еди.
Мәселен, Халық демократиялық партиясы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары және Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрликлери, «Миллий тикланиш» партиясы Мәденият министрлиги ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, «Адолат» партиясы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы және халық билимлендириў министрликлери ӨзЛиДеП экономика ҳәм Қаржы министрликлери, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Экоҳәрекет экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети жумысы үстинен нәтийжели парламентлик ҳәм депутатлық қадағалыўын алып барыўы, әлбетте, мақсетке муўапық болар еди!
Егер усы усыныслар болғанында, Ҳүкимет (А.Арипов) депутатларымызға барлық шараятларды жаратып берген болар еди.
Ең әҳмийетлиси, бул процесслерде сиясий партиялардың ҳәм Экоҳәрекеттиң жумысын дурыс шөлкемлестириўи керек. Қадағалаў илажларын рәсмийлик ушын өткериў, министрликлер менен комитетлерге машқаланы жүзеки көрсетип өтиў, атына ғана додалаў, көпшилик жағдайларда қағазда қалып кетип атырған қарарларды қабыл етиў әмелиятынан пүткиллей ўаз кешиў зәрүр. Машқала анықланды ма, әлбетте оның шешимин табыў керек.
Бундай жумыс системасы да сиясий партиялардың, министрликлер менен комитетлердиң тийкарғы ўазыйпаларының орынланыўын тәмийинлеўге, әлбетте жәрдем береди.
Сонлықтан да, партиялардың фракциялары министрликлер менен комитетлердиң үстинен, партиялардың жергиликли кеңеслердеги топарлары болса – министрликлер менен комитетлердиң орынлардағы басқармалары менен бөлимлериниң жумысы үстинен нәтийжели парламентлик ҳәм депутатлық қадағалаўды орнатыўы керек.
Атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын қадағалаўда Президенттиң тийкарғы жәрдемшилери ким! Әлбетте, сиз ҳүрметли депутатлар менен сенаторлар. Сизлер мениң алдыма келип, атқарыўшы ҳәкимият уйымларының кемшиликлери менен нуқсанлары туўралы тийкарлы мағлыўматларды бериўиңиз, министрликлер менен ведомстволардың жумысын жетилистириў бойынша мәселени ортаға қойыўыңыз, керек болса, министрлер менен ҳәкимлерди лаўазымынан босатыўға шекемги болған усынысларды киргизиўиңиз керек.
Нызамшылық палатасы, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеслериниң депутатлығына сайлаўлардан соң, мине, еки жылдан аслам ўақыт өтти. Бирақ, сиясий партиялар тәрепинен сайлаўлар процесинде ғалаба хабар қураллары, атап айтқанда, телевидение арқалы берилген ўәделер орынланды ма! Не ушын сиясий партиялар тек ғана сайлаўлар ўақтында жеделлесип, соң, атап өтиў орынлы болса, жели шыққан топтай босасып қалады! Олар даўыс алыў ушын халыққа қаншадан-қанша ўәделер бергени ҳақыйқат-ғой, ақыры!
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң арасында тек ғана сиясий партиялар ҳәкимият ушын гүресиў ҳуқықына ийе екени белгили. Бирақ, соған қарамастан олардың арасында бәсекилик, пикирлер, позициялардың ҳәр қыйлылығы улыўма сезилмей атыр.
Неге дегенде, ҳәр бир партияның бағдарламасы ҳәм режеси бир-биринен парқланады. Сизлер өз позицияңызды нызамлы тийкарда билдирсеңиз, қорғасаңыз, қәне, айтың, буған ким қарсы болыўы мүмкин!
Демократия қай жерден басланады – парламенттен басланады. «Парламент – демкоратия мектеби», деймиз. Солай екен, миллий парламентимиз ҳақықый демократия мектебине айланыўы керек. Бул бағдарда сиз, ҳүрметли депутатлар менен сенаторлар ҳәммеге үлги болыўыңыз керек. Шын мәнистеги пикир таласлар, принципиал тартысыўлар бәринен бурын усы жерде – парламент минберинде болыўы керек. Сонда ғана ҳәр бир сиясий партия, парламенттеги ҳәр бир партия фракциясының ҳақықый келбети менен позициясы анық көринеди.
Бәримиз бир ҳақыйқатты жақсы түсинемиз: сиясий партиялардың Нызамшылық палатасындағы фракцияларының жумысын күшейтпесек, нызам дөретиўшилиги ҳәм қабыл етилген нызамлардың орынланыўы күтилген нәтийжени бермейди, деп ойлайман.
Биз нызам ҳүжжетлерин орынларға жеткериў ҳәм оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша қарар қабыл еткенимиз сизлерге белгили. Мине, арадан 6 айдан аслам ўақыт өткенине қарамастан, тилекке қарсы, бул бағдардағы жағдай елеге шекем унамлы тәрепке өзгерген жоқ. Бул процессте сиясий партиялардың орны не ушын сезилмей атыр!
Усы орында және бир әҳмийетли мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман. Ҳәзирги ўақытта сиясий партиялардың басқарыў аппаратларында исшеңлик орталығы дерлик көзге тасланбай атыр.
Мәмлекетлик бюджеттен айлық алып ислеп атырған мыңлаған хызметкерлер, мәселен, ӨзЛиДеПтеги 740 тан аслам, «Миллий тикланиш»теги дерлик 600, ХДПдағы 450 ге шамалас, «Адолат»тағы 340 қа жақын хызметкердиң жумысын нәтийжели деп болмайды.
Әсиресе, сиясий партиялардың орынларда, район бөлимлеринде, ислеп атырған хызметкерлериниң жумысы қанаатланарсыз жағдайда. Олар көп жағдайларда электорат пенен системалы пикирлесиў бир жақта турсын, өзиниң тийкарғы ўазыйпасы неден ибарат екенин де билмейди.
Бүгинги күнде әмелде жумыс ислеп атырған төрт сиясий партияға рәсмий жәми болып 1 миллион 150 мыңға жақын пуқара ағза. Сораў туўылады: олардың қаншасы партияның идеясын, мақсетлери менен ўазыйпаларын шын жүректен сезинеди ҳәм усы идеяны әмелге асырыў ушын гүреске таяр!
Сиясий партиялар сан изинен қуўып, ағзаларының санын көбейтиў бойынша жарыспақта. Нәтийжеде ҳәр қыйлы қолайсыз жағдайларға жол қойылмақта. Мәселен, аймақлық партия кеңеси хызметкерлериниң сыйлық пулы ҳәм айлық мийнет ҳақысы есабынан ағзалық төлемлерин төлеў арқалы ағзалар санын жасалма түрде көбейтиў фактлери, тилекке қарсы, аз емес. Биз бундай жағдайлардың себеплерин үйренип, оларды сапластырыў бойынша дерлик жумыс ислеп атырған жоқпыз.
Бүгинги заманның өзи сиясий партиялардың жумыс усылын түп-тийкарынан өзгертиў, олардың жағдайын, электорат пенен қатнасын системалы түрде жолға қойыўды талап етпекте. Енди «мүлгип отырған» сиясий партиялар ояныўы керек. Олар бәлентпәрўаз сөзлерди шетке ысырып, анық әмелий жумыслар менен адамларымыздың, саўлаўшылардың исенимине ерисиўи, олардың жүрегинен орын алыўы керек.
Екиншиден, сиясий партиялардың бағдарламаларын турақлы жетилистирип барыў жумыслары талап дәрежесинде жолға қойылмаған.
Ҳәзирги ўақытта елимизди 2017-2021-жылларда раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының избе-из әмелге асырылып атырғаны сизлерге жақсы белгили. Бул процессте биз 500 ден аслам пәрманлар менен қарарлар қабыл еттик.
Усы әҳмийетли ҳүжжетлерде сиясий партиялардың бағдарламаларына киргизилген ҳәм олар тәрепинен сайлаў процесслеринде көтерилген әҳмийетли машқалалардың шешими бойынша да илажлар белгиленген. Бирақ, олардың орынланыўын тәмийинлеўде сиясий партиялар қаншелли белсендилик көрсетпекте! Тилекке қарсы, бул сораўларға унамлы жуўап қайтарыў қыйын.
Соны атап өтиў керек, сиясий партияларда көпшилик жағдайларда өткир ҳәм аўыр машқалалардың шешими үстинде ислеў орнына, «азғана ўақыт өтсе, бул мәселениң өзи шешиледи», «бул – Ҳүкиметтиң жумысы», деген көз-қараслар, «сен – маған тиймесең, мен – саған тиймеймен», деген ескише кейпият та жоқ емес.
Бундай итибарсызлық, тәбийғый, тез пәтлер менен раўажланып атырған бүгинги заманнан изде қалыўға алып келеди ҳәм оған улыўма жол қойыўға болмайды.
Соның ушын да сиясий партиялар өзиниң бағдарламалық мақсетлери менен ўазыйпаларын, идеологиялық саладағы жумысларын қайта көрип шығып, оларға зәрүр өзгерислер менен қосымшалар киргизиўи, бунда дүнья тәжирийбесин үйрениў, халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў пайдадан жырақ болмайды.
Үшиншиден, сиясий партиялардың халық пенен пикирлесиўи, үгит-нисиятлаў жумыслары, ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўин де жетерли деўге болмайды.
Ҳеш кимге сыр емес, бул бағдардағы жумыслар көбинесе жүзеки, өзи боладылыққа салынып, турмыстан әдеўир үзилип қалған. Халықты, партия электоратын тәшўишке салып атырған әҳмийетли машқалалардың әмелий шешимин табыўға қаратылған жумыслар, тилекке қарсы, оғада аз.
Мәселен, ӨзЛиДеПтиң Хорезм ўәлаятлық кеңесине келип түскен 1 мың 250 ден аслам арзалар менен шағымлардың тек ғана 84 и тиккелей ўәлаятлық кеңес тәрепинен көрип шығылған болып, қалған 1 мың 200 ге жақын мүрәжат болса, Президенттиң Виртуал қабыллаўханасына жиберилген.
Әне, усы мүрәжатларды талқылайтуғын болсақ, олардың көпшилик бөлеги исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын бузыў, банк, салық уйымларының қанаатландырарсыз жумысы менен байланыслы екени белгили болады.
Сораў туўылады: исбилерменлердиң партиясы деп танылған ӨзЛиДеП не ушын бул мәселелерден өзин шетке алмақта!
Ҳәрекеттеги төрт партиялық газеталардың дәрежеси, «Ўзбекистон овози» газетасын қосымша еткенде, талапқа жуўап бермейди. Партия газеталарының улыўма саны бүгинги күнде 60 мыңға да жетпейтуғыны турмыстағы әҳмийетли машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша анық усыныслар бул басылымларда өз сәўлелениўин таппай атырғанынан дәрек береди.
Жеке меншик басылымлардан мысал келтирейик. Мәселен, биз әдетте «кеўилашар басылымлар» деп билетуғын «Даракчи», «Тасвир», «Суғдиёна» сыяқлы газеталар тек ғана жеңил-желпи гәплерди емес, соның менен бирге, әҳмийетли турмыслық мәселелерди, атап айтқанда, коммуналлық хызмет, базарлардағы баҳа, медицина, транспорт мәселеси, исбилерменлик пенен байланыслы машқалаларды да ҳәр тәреплеме сәўлелендирип атырғаны ушын тиражы артып бармақта. Не ушын партиялық басылымлар бул мәселеде олар менен бәсекилесе алмай атыр?
Сиясий партиялар басшылардың электоратты ойландырып атырған әҳмийетли мәселелер бойынша телевидение арқалы анық өз позициясын билдиргенин де еслей алмаймыз.
Неге енди, партияның басшылары басапасөзде шығыўдан қорқа ма? Я болмаса халық пенен пикирлесиўдиң мазмун-мәниси менен әҳмийетин аңлап жетпей ме?
Сайлаўалды бағдарламаларында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, электорат мәплерин қорғаў бойынша қандай жумыслар исленип атырғаны туўралы сиясий партия фракциялардың басшылары ҳәр шеректе ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, телевидение арқалы мәлимлеме берип барыўларын тәмийинлейтуғын анық система енгизиў зәрүр. Бул бағдарда жаңадан шөлкемлестирилген «Тараққиёт стратегиясы» орайының ҳәм Халықаралық пресс-клубтың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр.
Әсиресе, орайда ҳәм орынлардағы телеканаллар парламентлик ҳәм жергиликли кеңеслердеги партия топарларының жумысын, атап айтқанда, нызам жойбарлары бойынша додалаў процесслерин, парламентлик қадағалаўға байланыслы илажларды, фракциялар арасында болып атырған пикир-таласларды, «жанлы» түрде, керек болса, тиккелей халқымызға жеткериўи зәрүр.
Биз телевидение арқалы тек 15-20 депутат пенен сенаторды ғана көремиз. Олардың 85 проценти «көк экран»да дерлик көринбейди. Депутатлар менен сенаторлар халықтың ўәкиллери болғаннан кейин, турақлы халықтың алдына шығыўы, адамлар оларды таныўы, ислеп атырған жумысларынан хабардар болыўы керек емес пе?
Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы (Х.Мирзоҳидов)на еки ай мүддетте Олий Мажлис басшылығы менен биргеликте тийисли илажлардың режесин ислеп шығыў және әмелге асырыў ўазыйпасы тапсырылады.
Төртиншиден, сиясий партиялардың жаслар арасында алып барып атырған жумыслары, партиялардың жанында шөлкемлестирилген «Жаслар қанатлары»ның жумысын, тилекке қарсы, қанаатландырарлы, деп болмайды. Бүгин елимизде жасап атырған 10 миллионнан аслам жаслардың турмысында қаншадан-қанша шешилмеген социаллық машқалалардың бар екенин бәриңиз жақында болып өткен жаслар қуралтайында айқын көрдиңиз.
Өзиңиз айтың, қайсы сиясий партия жаслар менен жақыннан, тиккелей жумыс алып бармақта? Олардың дәрт тәшўишлерин шешиўге умтылып атыр? Партиялардың бул бағдарда анық илажлар режеси, керек болса, стратегиясы бар ма? Бар болса, неге нәтийжеси көзге тасланбай атыр?
Ҳәзирги мәлимлеме әсиринде бирде-бир сиясий партияның интернет сайтында жаслар менен интерактив байланыс системасы жолға қойылмаған. Партияның сайтына кирген жаслар өзине керекли сораўларға жуўап таба алмайды. Бул жағдайда партиялар жаслардың арасында қандай орынға ҳәм тәсирге ийе болыўы мүмкин?
Себеби, сиясий партиялар бәринен бурын, перспективалы жас басшыларды таярлаў мектеби болыўы зәрүр.
Партиялар пуқараларымыздың, әсиресе, жасларымыздың идеялық, идеологиялық талапларын қанаатландырыў шәрт. Егер партиялар буған ерисе алмаса, бул бослықты ғәрез нийетли күшлер толықтырыўға ҳәрекет ететуғынына гүман жоқ. Айырым жағдайларда толықтырып та атыр – буны жасырыўдың қәжети жоқ.
Мен қәлер едим, Жаслар аўқамының қуралтайында сөз етилген тийкарғы мәселелерди ҳәр бир партия айрықша үйренип, тийисли бағдар бойынша өз ўазыйпаларын анық белгилеп алса, бул тек ғана пайдалы болады. Әсиресе, шет еллердеги жаслар менен ислесиў мәселеси туўралы сөз ететуғын болсақ, тилекке қарсы, Олий Мажлис палаталары да, сиясий партиялар да бул мәселениң жанына да келген жоқ.
Себеби, шет еллерде жүрген жаслар да өзимиздиң перзентлеримиз, Өзбекистан пуқарасы екенин бәримиз, бәринен бурын, депутатлар умытпаўы керек.
Және бир әҳмийетли мәселе – сиясий партиялар жәмлеспеген, яғный, ислемейтуғын, оқымайтуғын, белгили бир кәсипке ийе болмаған жасларға улыўма итибар қаратпай атыр. Бул бағдарда партиялар район ҳәкимлериниң жаслар мәселелери бойынша орынбасарлары, жаңа дүзилген Өзбекистан жаслар аўқамы менен жақыннан бирге ислесиўин жолға қойыўы бүгинги күнниң талабы болып табылады.
Әсиресе, студент ҳәм оқыўшы жасларда сиясий билимлерди арттырыў, ана Ўатанға муҳаббат сезимин күшейтиўге ўәкилликли уйымлардың имканиятларын толық иске қосыўымыз зәрүр.
Бул ушын халық депутатларының жергиликли кеңеслери, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасының имаратына жигит-қызларымыз еркин кирип шығатуғын орталық ҳәм шараят жаратыўымыз зәрүр. Жаслар нызам қабыл етиў процесслеринен баслап партиялардың арасында бәсеки болатуғын мәжилислер менен тартысыўларды өз көзи менен көрсин, депутатлар менен пикирлессин. Демократия мектеби тек китаптан емес, ал мине, усындай жанлы орталықтан үйренсин. Сонда ғана сиясий белсендилик, пикирлесиў мәденияты қәлиплеседи. Бул бағдарда Германия, Дания, Финляндия сыяқлы раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесинен пайдаланыў орынлы болады.
Бесиншиден, кадрлар менен ислесиў бағдарындағы машқалар да сиясий партиялардың жумысына унамсыз тәсир көрсетпекте.
Кадрлардың резервин қәлиплестириў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, партияның мүнәсип белсендилерин мәмлекетлик хызметке усыныў жумыслары талап дәрежесинде шөлкемлестирилмеген. Сиясий партияларға кадрлар қай жерден келмекте, олардың билими, дәрежеси, тәжирийбеси, жәмийетшилик арасындағы абыройы қандай? Буны ким үйренбекте, ким буған баҳа бермекте? Тилекке қарсы, ҳеш ким.
Партиялардың ертеңги тәғдири не болады, деген сораў олардың басшыларын улыўма ойландырмай атырғанын көплеген мысалларда көриў, бақлаў қыйын емес.
Өткен жылы барлық сиясий партиялардың хызметкерлери аттестациядан өткерилди.
Мағлыўматларға бола, олардан 200 и билим ҳәм тәжирийбеси жетерли емеслиги себепли аттестациядан өте алмаған ҳәм жумыстан азат етилген. Буннан тысқары, 284 хызметкер аттестациядан шәртли түрде өткен, 28 и болса төменги лаўазымларға өткерилген.
Мине, усы санлардың өзи партияларды кадрлар менен ислесиў мәселесиниң ҳақықый жағдайын көрсетеди.
Сиясий партиялардың қанаатландырарсыз жумысы көп жағдайларда орайлық ҳәм жергиликли партия шөлкемлериниң айырым басшылары арасындағы унамсыз ис-ҳәрекетлер менен байланыслы.
«Партия жетекшиси» деген атқа дақ түсириў, өз хызмет ўазыйпасынан пайдаланыў, қаржылық жынаятларға қол урыў, турмыслық бузықлық, дәмегөйлик, өз жеке мәпин, өз бизнесин үстин қойыў сыяқлы жағдайлардың бар екенилиги туўралы жетерли мағлыўматлар бар.
Қаншелли аўыр болмасын, усы бағдарда базы бир мысалларға мүрәжат етиўге туўра келеди. ӨзЛиДеП тиң Әндижан ўәлаятлық кеңесиниң бурынғы баслығы З.Жумабаев партия шөлкемине басшылық етиўден өзин шетке алып, жумысты өз ҳалына таслап қойған. Тийкарғы жумысты алып барған оның биринши орынбасары А.Мамажанов болса, ўәлаятлық кеңес аппаратында намақул, атап өтиў орынлы, масқаралы орталықтың жүзеге келиўине себеп болған. Сөз не ҳаққында болып атырғанын, көпшилигиңиз жақсы түсинесиз, деп ойлайман.
ХДПның Ташкент ўәлаятлық кеңесиниң бурынғы баслығы С.Агзамов шөлкем балансында болған товар-материаллық байлықларды сатыў, ҳәр қыйлы бәнелер менен қол астындағы хызметкерлерден пул жыйнаў сыяқлы жумыслар менен шуғылланып жүрген.
«Адолат» социал-демократиялық партиясының Бухара ўәлаятлық кеңесиниң баслығы А.Турсынов өз жумысында унамсыз жағдайларға жол қойып, өз абыройын жоғалтқан, кеңестиң жумысы өз ҳалына таслап қойылған.
Бундай мысалларды, тилекке қарсы, көпшилик ўалаятлар менен районлардағы партиялар кеңеслериниң жумысынан да келтириў мүмкин.
Усы жағдайлардың көпшилиги бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен жынаят ислери ашылған болып, айыпкерлер нызам алдында жуўап берген ҳәм жуўап бермекте. Бирақ, олар бәринен бурын, өз ҳүжданы алдында, партияласлары алдында жуўап бериўи керек емес пе?
Усы мүнәсибет пенен әне, усындай унамсыз ўақыяға партиялардың басшылары тәрепинен принципиал ҳәм сөзсиз баҳа берилиўи зәрүр.
Биз партиялардың қатарын билимли, шөлкемлестириўши ҳәм ўатанды сүйиўши жас кадрлар менен толықтырыўымыз зәрүр. Сиясий партиялардың хызметкерлери партияның жумысында ысылыўы, оннан соң мәмлекетлик уйымлар ҳәм ҳәкимликлер системасындағы ҳәр қыйлы лаўазымларға, соның ишинде депутатлық лаўазымларға тийкарғы резерв болыў лазым. Бул партияда ислеў ушын тийкарғы фактор ҳәм хошамет болып хызмет етиўи керек.
Усы орында және бир анық мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман. Бизде ҳәкимлер белгили бир сиясий партияның ағзасы болып табылады. Лекин, олар ҳәким болғанынан соң өзи ағза болға партия менен байланысты улыўма үзип қояды.
Бул бағдарда бир усынысты алға қоймақшыман: район ямаса қала ҳәкиминиң кандидатурасын ўәлаят ҳәкими тәрепинен тийисли жергиликли кеңеслерде ҳәр бир партия топары менен мәсләҳәтлесиў өткерилгеннен соң тийисли сессияда тастыйықлыў тәртибин енгизсек, не дейсиз?
Бундай тәртиптиң ҳәзирги ўақытта ўәлаятлық көлемде бар екени сизлерге белгили. Бирақ ол тек ғана қағазда бар болып, әмелде болса, тилекке қарсы, ислемей атыр.
Биз енди әне, усы нызамлы механизмди жергиликли кеңеслердиң барлық басқышында нәтийжели иске қосамыз. Егер бирде-бир талабан партия топарларының додалаўынан өтпесе, ол ҳәким лаўазымына тайынланбайды.
Соны да атап өтиў керек, ҳәким лаўазымына талабан сиясий партиялар тәрепинен усынылып атырған кадрлар арасынан таңлап алынады, яғный ҳәким белгили бир сиясий партиядан болады. Бул ушын ҳәр бир сиясий партияда ҳәкимликке талабанлар бойынша кадрлар резервин қәлиплестириў мақсетке муўапық болар еди.
Соның менен бирге, жергиликли кеңеслердеги партия топарларына тийислисинше район ямаса қала ҳәкимлери, сондай-ақ, жергиликли атқарыўшы уйымлар басшыларының қанаатландырарсызлық жумысы ҳаққындағы жуўмақларды ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине усыныў ҳуқықын да бериў керек, деп есаплайман. Бул бойынша ҳәр бир сиясий партия топары өз шешимин бериўи тийис.
Және бир усыныс-буннан былай ўәлаят ҳәм республика дәрежесиндеги атқарыўшы ҳәкимияттың жоқары лаўазымларына тайынлаўда партиялардың пикирин, әлбетте, инабатқа алыў тәртибин енгизсек, не дейсизлер?
Усы мүнәсибет пенен Мәмлекетлик кеңесгөй О.Муродовқа Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы менен биргеликте бир ай мүддетте «Сиясий партиялар ҳаққында» ғы нызамға ҳәм басқа да нызамларға өзгерислер менен қосымшалар киргизиў бойынша нызам жойбарын таярлаў тапсырылады.
Алтыншыдан, өткен дәўирде Президент жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында сиясий партиялар аппаратының хызметкерлери ушын арнаўлы оқыў сабақлары шөлкемлестирилди. Оларға баянатшы сыпатында жоқары мәмлекетлик ведомостволардың басшылары, атап айтқанда, Нызамшылық палатасының, Сенат ҳәм сиясий партиялардың басшылары, жоқары оқыў орынларының ректорлары және басқа да белгили қәнигелер тартылды.
Бул-жақсы әмелият. Лекин бундай оқыўлар тек Ташкентте ғана болмаўы керек. Ҳәр бир ўәлаяттағы жоқары оқыў орынлары базасында орынлардағы партия шөлкемлери хызметкерлерин ҳәм жергиликли кеңеслердиң депутатларын оқытыў бойынша арнаўлы курслар шөлкемлестириў лазым. Керек болса, пайтахттағы қәнигелер орынларға барып, сабақ өтсин.
Бул жумысты нәтийжели шөлкемлестириў, әлбетте, парламентимиз палаталарының ҳәм сиясий партиялардың басшылары менен мәсләҳәтлескен ҳалда, Мәмлекетлик басқарыў академиясының ректоры Р.Қосимовқа тапсырылады.
Жетиншиден, сиясий партиялардың жергиликли кеңеслердеги депутатлық топарларының тәсири улыўма сезилмей атыр.
Олар, көпшилик жағдайларда, атына ғана жумыс ислеп атырғанлығын атап өтиў мүмкин. Атап айтқанда, «Адолат» партиясының Жиззақ ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары ҳәм районларының жергиликли кеңеслериндеги партия топарлары тәрепинен кеңес сессияларының додалаўына 2016-жыл даўамында бирде-бир мәселе киргизилмегенин қалай түсиндириў мүмкин?
Тап усындай жағдайды ӨзЛиДеП партиясының халық депутатлары Хорезм ўәлаятлық, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының халық депутатлары Сурхандәрья ўәлаятлық кеңеслериндеги партия топарлары мысалында да, басқа да партиялардың жумысында да ушыратыў мүмкин.
Сайлаўдан кейин көпшилик депутатлар өзлерин талабан етип көрсеткен партия менен байланысты үзип, өз сайлаўшылары менен шенде-шен пикирлеседи. Әсиресе, районлық кеңеслердиң депутатлары электорат алдында сайлаўалды бағдарламасының орынланыўы бойынша улыўма есап бермейди.
Сонлықтан да, белсене ислемей ҳәм өз ўазыйпасын талап дәрежесинде орынламай атырған, партия менен байланысты үзип қойған жергиликли кеңестиң депутатларын тийисли сиясий партияның усынысы тийкарында депутатлықтан шақырып алыў бойынша нызамшылыққа өзгерис киргизиў ўақты келди, деп ойлайман.
Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, жақында елимиз ўәлаятларын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша бир қатар бағдарламалар қабыл етилди. Лекин, бул бағдарламаларды таярлаўда орынлардағы партия топарлары қай дәрежеде қатнаспақта! Тилекке қарсы, бул сораўға унамлы жуўап бериў қыйын. Солай екен, партиялар әне усындай бағдарламалар арқалы өз сайлаўшыларын тынышсызландырып атырған машқалаларға шешим табыўы, соның есабынан электоратының қатарын кеңейтиўи мүмкин.
Соннан келип шыққан ҳалда, буннан былай аймақлар бойынша қабыл етилетуғын социаллық-экономикалық раўажланыўға байланыслы ҳәр қандай бағдарлама жойбары бойынша партия топарлары тәрепинен билдирилетуғын пикир-усыныслар есапқа алыныўы шәрт екенин нызамшылықта анық белгилеп қойыўымыз зәрүр, деп есаплайман.
Өзиңиз ойлаң, егер биз бир бағдарлама ислеп шығатуғын болсақ, сол орындағы машқалаларды сол жерден сайланған депутаттан басқа ким және тереңирек, ким және жақсырақ билиўи мүмкин? Егер депутатлар ҳәр бир аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл етилген бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын қадағалаўға алса, әмелий нәтийжеге ерисемиз.
Соның менен бирге, сондай система жаратыў керек, оған бола жақсы ислеп атырған, белсенди, жанкүйер районлық кеңестиң депутатлары кейин ала ўәлаяттың депутаты, ўәлаяттың депутатлары болса Олий Мажлистиң ағзасы болыўына ерисиў зәрүр. Сиясий партиялар биринши гезекте әне усындай депутатларды кадрлар резервине киргизиўи мақсетке муўапық болып табылады.
Депутатлардың жумыс усылын жетилистириў, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў мақсетинде сиясий партиялар арқалы орынларда «Орай-ўәлаят-район» тәртибинде ислейтуғын жаңа системаны енгизиў мақсетке муўапық болар еди. Бул система арқалы жоқарыдан төменге түсип, ҳәм депутатларды, ҳәм халықтың ҳәр қыйлы қатламларын Олий Мажлис палаталары, сиясий партиялардың жумысы, нызам дөретиўшилиги, қабыл етилип атырған жаңа нызам ҳүжжетлери ҳаққында хабардар етип барыў жолға қойылады. Усы тәризде Олий Мажлистиң жумыс усылын ўәлаятлық кеңеслерге, ўәлаятлық кеңеслердиң жумыс усылын болса районлық ҳәм қалалық кеңеслерге үйретиў имканияты пайда болады.
Турмысқа, адамлардың арасына кирмей турып, олар менен пикирлеспей, тек жоқарыдан турып тапсырма бериўдей унамсыз тәжирийбе енди пайда бермейди. Оннан пүткиллей ўаз кешиў ўақты келди.
Усы жерде бир пикирди айрықша атап өтиўди қәлер едим. Биз, мине Ташкент қаласы районларында халық депутатлары кеңеслерин шөлкемлестириў жумысларын басладық. Бул кеңеслерге депутатлыққа талабанлар көрсетиўден баслап, депутатлыққа сайланыў процесине шекем – сайлаўдың барлық басқышында сиясий партиялар белсене қатнасыўы керек, әлбетте.
Ҳәзирги ўақытта ўәлаят ҳәм район депутатларының көпшилиги жергиликли атқарыўшы ҳәкимият ўәкиллери, әсиресе, ҳәр қыйлы мәмлекетлик структуралардың басшылары есапланады.
Тәбийғый сораў туўылады: депутаттың өзи атқарыўшы ҳәкимияттың ўәкили бола турып, жергиликли атқарыўшы уйымлардың жумысы үстинен қалайынша нәтийжели депутатлық қадағалаўды әмелге асырыўы мүмкин?
Сол себепли Ташкент қаласы районларында ҳәм келешекте ўәлаятларда болатуғын сайлаўларда сиясий партиялар депутатлыққа талабанлар таңлаўда олардың жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының хызметкерлери болмаўына айрықша итибар қаратыўы тийис. Орайлық сайлаў комиссиясы усы мәселе бойынша қарар қабыл етсе, бул республика көлеминде бирден-бир ҳәм дурыс әмелиятты қәлиплестириўге хызмет етеди.
Олий Мажлис палаталарының басшылары Нурдинжон Мўйдинхонович Исмоилов ҳәм Ниғматилла Тўлқинович Йўлдошев Ташкент қаласы бул бағдарда басқа ўәлаятларға үлги болыўы ушын ҳәрекет етсе, ҳәр бир районға барып, адамлардың арасында жүрип, сайлаў процесслериниң қалыс, әдалатлы ҳәм жәриялылық руўхында өтиўи ушын жан күйдирсе нур үстине нур болар еди.
Сегизиншиден, сиясий партиялардың аймақлық кеңеслериниң материаллық-техникалық тәмийнаты көпшилик жағдайларда талап дәрежесинде емес. Мәселен, сиясий партиялардың 18 районлық кеңеси өз имаратына ийе емес. 62 кеңестиң имараты қанаатландырарсыз жағдайда. Бул бағдардағы ең аўыр жағдай ижара имаратларында жумыс ислеп атырған «Адолат» ҳәм «Миллий тикланиш» партияларында бақланбақта.
Усы мүнәсибет пенен Министрлер Кабинетине (А.Арипов) жергиликли ҳәкимликлер, сиясий партиялар менен биргеликте бир ай мүддетте партиялардың ўәлаятлық, районлық (қалалық) кеңеслериниң имаратлар менен тәмийинлениў жағдайын, олардың жумыс ислеў шараятын сын көз-қарастан үйренип шығып, усы бағдардағы жағдайды түп-тийкарынан жақсылаў бойынша усыныс киргизиў ўазыйпасы тапсырылады.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Миллий парламентимиздиң жумысында, елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети әҳмийетли орын ийелейтуғынын ҳәммемиз жақсы билемиз.
Усы Ҳәрекет тәрепинен елимизде қоршаған орталықты қорғаў бойынша нызамшылық базасын беккемлеў, бул салада қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм қарарлардың орынланыўы бойынша парламентлик қадағлаўды енгизиў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылғанын атап өтиў зәрүр.
Соның менен бирге пүткил дүньяда экологиялық машқалалар барған сайын кескинлесип атырған ҳәзирги күнде бул саладағы жумысларды, тилекке қарсы, жетерли және қанаатландырарлы, деп айта алмаймыз.
Бул бағдарда Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратыўы зәрүр.
Бизге белгили, халықты, әсиресе, аўыллық жерлерде таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселеси елеге шекем әҳмийетли болып қалмақта.
Сондай-ақ, турмыслық шығындыларды жыйнаў, қайта ислеў ҳәм утилизациялаў мәселеси де алдымызда турған ең аўыр машқала болып есапланады.
Соның менен бирге, бурынғы система дәўиринде узақты ойламай қурылған, бүгинги күнде айырым министрликлер ҳәм ведомстволар, исбилерменлик субъектлери тәрепинен пайдаланылып киятырған санаат объектлери де заманагөй экологиялық талапларға жуўап бермейди.
Ең әҳмийетли мәселе – халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў ҳаққында айрықша бас қатырыўымыз зәрүр. Әлбетте, бундай машқалаларды тек ҳәкимшилик жолы менен шешип болмайды, оған жас әўладтың қәлбинде ана тәбиятқа меҳир-муҳаббат, оны қәстерлеў сезимин тәрбиялаў арқалы ерисиў мүмкин.
Жоқарыда атап өтилген әҳмийетли машқалаларды нәтийжели шешиў ушын Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети белсендилик көрсетип, тийисли министрликлер ҳәм ведомостволар, бәринен бурын, жақында шөлкемлестирилген Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте тийисли илажлар ислеп шығыўы ҳәм әмелге асырыўы зәрүр. Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта Экологиялық ҳәрекеттиң жумысында бул бойынша анық усыныс және әмелий басламалар сезилмей атыр.
Барлық ири санаат кәрханаларында Экологиялық ҳәрекеттиң ўәкиллери болыўы керек. Министрлер Кабинети усы мәселе бойынша еки ҳәпте мүддетте усыныс киргизсин.
Экологиялық ҳәрекет қоршаған орталықтың тазалығын сақлаўға, халықтың арасында кеселликлерди азайтыўға өз үлесин қосатуғынынан үмит етемиз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Сиясий партиялардың турмысындағы бар машқалалар белгили дәрежеде парламенттиң жумысына да унамсыз тәсир ететуғыны тәбийғый.
Бәринен бурын, нызам жойбарларын парламентте додалаўда ҳәм қабыл етиўде фракциялардың орны, олардың партиялық көз-қарасы ҳәм қатаң позициясы жетерли дәрежеде сезилмей атыр.
Бир неше жыл бурын фракциялар додалаўынан өтпей, олардың жуўмағын алмай бирде-бир нызам, Мәмлекетлик бюджет жойбары қабыл етилмеслигин нызамлы тийкарда анық белгилеп қойған едик.
Өткен дәўир ишинде парламентте, әне, усы қағыйданы турмысқа енгизиў бойынша көп жумыслар исленгенлигин тән алыў керек. Бирақ, фракцияларда нызам жойбарлары ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерди додалаўды, олардағы конструктивлик пикир-таласларды буннан былай да күшейтиўди бүгинги турмыстың өзи талап етпекте.
Қабыл етилип атырған ҳәр бир нызам жойбары сайлаўшылар, партия электораты, ҳәр қыйлы топарлардың мәплери көз-қарасынан ҳәр тәреплеме додаланыўы, фракциялар бул мәселелерде принципиал позициясын көрсетиўи шәрт. Себеби пикир-таласлары болған жағдайда ғана нызамлар толық турмыслық күшке ийе болады.
Және бир мәселе, сиясий партиялардың шөлкемлери, әсиресе, олардың орынлардағы бөлимлери фракцияларда көрип шығылып атырған мәселелерден, нызам жойбарларынан жетерлише хабардар болмай атыр. Усы мәнисте, сиясий партиялардың өз фракциялары менен тығыз байланысын күшейтиў зәрүр.
Өз гезегинде, сиясий партиялар парламенттеги өз фракцияларын турақлы түрде орынлардағы жағдай, электораттың кейпияты ҳаққында хабардар етиўи, бар машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша усыныслар киргизип барыўы керек.
Усы бағдарда жылына бир мәрте сиясий партиялар басшыларының Президент пенен ушырасыўын өткериў әмелиятын жолға қойсақ, мақсетке муўапық болар еди.
Әне, усындай ушырасыўларда елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўы бойынша сизлерден әмелий усыныслар күтип қаламан.
Және бир әҳмийетли бағдар – нызамларды қабыл етиўде жәмийетшилигимиздиң, сайлаўшылардың кең түрде қатнасыўы сезилмей атыр. Нызамлар қабыл етилиўи менен халқымыздың аўыры жеңил болды ма, оның турмысындағы машқалалар шешилди ме, деген сораўлар менен, тилекке қарсы, ҳеш ким қызықсынбай атыр.
Сонлықтан да, нызамларды қабыл етиў процесинде жаңа система – халық пенен додалаў системасын енгизиў лазым, деп есаплайман.
Яғный, үлкен әҳмийетке ийе, әҳмийетли нызам жойбарларын биринши оқыўда қабыл еткеннен кейин оларды орынларда пуқаралар менен кең түрде додалаў. Олардың усыныс-пикирлерин итибарға алып, жойбарларды жетилистирген ҳалда екинши оқыўға киргизиў тәртибин жолға қойыў мақсетке муўапық болады.
Жасырыўдың кереги жоқ, биз көбинесе ўәлаят орайларына барып, сол жердиң өзинен қайтамыз. Орынларда болатуғын додалаўларда қатнаспаймыз, адамлардың көз-қарасын олардың арасында турып, олар менен бирге жүрип үйренбеймиз. Нәтийже қандай болады! Қабыл етилген нызамларымыз толық болмайды, күтилген нәтийжени бермейди.
Бүгинги күнде сиясий партиялардың фракциялары ҳәм депутатлардың нызам бойынша инталылығы бағдарындағы жумысы да талап дәрежесинде емес. Мысал ушын, 2015-2017-жылларда парламентимиз тәрепинен 55 нызам қабыл етилген болса, фракциялар тәрепинен билдирилген басламалар тийкарында қабыл етилген бирде-бир нызам жоқ. Бирде-бир! Усының өзи сиясий партиялардың бүгинги жумысына берилген баҳа емес пе?
Ямаса 2017-жылы киргизилген 46 нызам жойбарынан тек 9 ы депутатлардың басламасы менен киргизилген.
Бул саладағы жумысларды жақсылаў ушын нызамшылық басламасы менен шыққан ҳәм сол басламасы қабыл етилген депутатларды хошаметлеў системасын енгизиў орынлы, деп ойлайман.
Үйрениўлер соны көрсетпекте, Олий Мажлис қурамында әҳмийетли бир структура, яғный илимий-әмелий изертлеў ҳәм мәлимлеме-талқылаў жумысын алып баратуғын, нызам жойбарларын ислеп шығатуғын орайдың жоқлығы бул бағдардағы жумысларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў имканиятын бермей атыр.
Алдынғы шет ел тәжирийбелеринен келип шыққан ҳалда, Олий Мажлис жанында Нызамшылық машқалаларын үйрениў институтын шөлкемлестириўди усыныс етемен. Бул институт парламент ағзаларының буйыртпасына тийкарланып ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳәм шет ел тәжирийбеси бойынша талқылаў мағлыўматларын және нызам жойбарларын таярлаў жумыслары менен шуғылланыўы зәрүр.
Бул не ушын керек? Бул институт депутатлар менен сенаторлардың ең жақын жәрдемшиси ўазыйпасын атқарыўы керек. Соның менен бирге, Мәмлекетлик басқарыў академиясы менен биргеликте депутатлардың маманлығын арттырыў бойынша оқыў курсларын шөлкемлестириў де пайдадан жырақ болмайды.
Үшиншиден, Олий Мажлистиң мәмлекетлик басқарыў уйымлары жумысы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў, қабыл етилип атырған нызамлар, әҳмийетли жәмийетлик-сиясий, экономикалық әҳмийетке ийе мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын сөзсиз тәмийинлеўге қаратылған жумысларын да жетерли, деп болмайды.
Парламентлик тыңлаўлар, ҳүкимет ағзалары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары басшыларының есапларын системалы түрде тыңлап барыў, депутатлардың сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап бериўди тәмийинлеў бойынша машқалалар бар.
Әдетте парламент министрлердиң есабын тыңлайды. Лекин, төмендеги буўында бул бағдарда ким есап береди? Тек орай ямаса ўәлаятта емес, аймақларда да өзгерис болыўы зәрүр. Атап айтқанда, 2017-жылдың өткен дәўири ишинде Нызамшылық палатасының депутатлары тәрепинен министрликлер менен ведомстволарға жиберилген жәми 284 депутатлық сораўдан 100 ине нызамда белгиленген мүддет бузылған халда жуўап берилген, 24 ине болса улыўма жуўап берилмегенин қалай түсиндириў мүмкин?
Не ушын Нызамшылық палатасының комитетлери, партияның фракциялары бундай жағдайларға байланыслы тийисли министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары қатнасыўында өз көз-қарасын билдирмей атыр?
Депутатты менсинбеў – халықты менсинбеў деп баҳаланыўы шәрт. Халықты ҳүрмет етпеген, депутатлық ўәкиллигин әмелге асырыўға тосқынлық еткен ҳәр қандай лаўазымлы шахс нызам алдында жуўап береди.
Сол себепли де депутатлық сораўды да көрип шықпағаны ямаса оған жуўап бермегени, көриў мүддетин бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў лазым.
Усы мүнәсибет пенен Мәмлекетлик кеңесгөй О.Муродовқа Олий Мажлис палаталары менен биргеликте бир ай мүддетте Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизиў бойынша усыныслар таярлаў ўазыйпасы тапсырылады.
Республикалық, ўәлаятлық ҳәм районлық кеңеслердеги депутатлардың сораўы – бул халықтың сораўы, деп баҳалаған ҳалда, бул бағдардағы жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын тийисли статьяны нызамға киргизиў керек.
Олий Мажлис палаталары, парламентлик сораў бойынша алынған жуўапларды Интернеттеги рәсмий веб-сайтларда кең жәмийетшилик ушын жәриялаўды шөлкемлестириўи тийис.
Бүгин турмыстың өзи парламентлик қадағалаў объектлериниң шеңберин кеңейтиўди де талап етпекте. Әмелдеги нызамға бола, парламент тек мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен қадағалаў алып барыўы мүмкин. Бирақ, хожалық басқарыўы уйымлары, атап айтқанда, «Өзбекнефтьгаз», «Өзбекэнерго» ҳәм басқа да компаниялар менен бирлеспелер буннан шетте қалмақта. Сол мақсетте «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамға тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизиў зәрүр, деп есаплайман.
Соның менен бирге, Франция, Уллы Британия, Германия сыяқлы раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкарында Нызамшылық палатасында «Ҳүкиметлик саат» институтын енгизиў мақсетке муўапық болар еди. Усы тәризде жыл басында тастыйықланатуғын режеге муўапық ҳәр айда ҳүкимет ағзаларының есабы тыңланады ҳәм сол бойынша тийисли қарарлар қабыл етиледи. Олий Мажлис Сенатында болса барлық дәрежедеги ҳәкимлердиң аймақларды раўажландырыў бағдарындағы жумысы ҳаққындағы есапларын тыңлаў әмелиятын жолға қойыўды усыныс етемен.
Сондай механизм енгизиў керек, парламентлик тыңлаўлардың нәтийжеси тек ғана орайда емес, ал орынларда, ең узақ аймақларда да сезилсин.
Төртиншиден, парламентимиз орынларда алып барылып атырған жумыслардың ҳақыйқый жағдайын үйрениўде бир қәлипке түсип қалды. Көбинесе республика ҳәм ўәлаят дәрежесиндеги мәселелер үйренилмекте, деп мәлимлеме бериледи, бирақ дерлик 6 айдан берли 2 мыңнан аслам машқала шешилместен қалмақта.
Олий Мажлис палаталары Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте депутатлардың үйрениўлери процесинде орынларда анықланған, ўәлаятлар ҳәм республика дәрежесинде шешилиўи керек болған машқалаларды шешиў бойынша зәрүр илажларды көриўи лазым.
Лекин, бул бағдарда бир қолайсыз жағдайды өкинишли түрде айтыўға туўра келеди.
Ҳүрметли депутатлар ҳәм сенаторларымыздың орынларға шығып, халық пенен өткерген сөйлесиўлери талқыланғанда, көпшилик жағдайларда рәсмийликке және көз бояўшылыққа, қәлбеки есаплар бериўге, ушырасыўларға өз орнына басқа адамларды жибериў, үйренилип атырған мәселениң түп-тийкарына жетип бармаў сыяқлы кемшиликлерге жол қойылып атырғаны анықланған.
Олий Мажлис палаталарының Әдеплилик комиссиялары бундай жағдайлардың ҳәр бири бойынша ҳәр тәреплеме терең үйрениўлер өткерип, тийисли жуўмақлар бериўи шәрт.
Депутатлардың орынларда болатуғын ушырасыўлары ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы алдын ала, мәселен, бир ҳәпте бурын хабар бериў тәртибин енгизиў, жергиликли баспасөз ўәкиллериниң бундай илажларды сын көз-қарастан сәўлелендириў бойынша жумысын күшейтиў керек.
Сондай-ақ, депутатлардың аймақларға гезектеги сапарын шөлкемлестириўден бурын олардың өткендеги сапары даўамында халықтың мүрәжатларын шешиў бойынша ислеген әмелий жумысларын талқылап, қалыс баҳа бериў лазым.
Бесиншиден, парламенттиң жумысына байланыслы кемшиликлерге айырым депутатлар ҳәм сенаторлар өз ўазыйпасын дурыс түсинип жетпегени де себепши болмақта. Буны ашық тән алыўымыз керек.
Сондай парламент ўәкиллери де бар, өткен дерлик еки ярым жыл даўамында додаланып атырған нызам жойбарлары ҳәм мәселелер бойынша бирде-бир мәрте баянат ислемеген, оларға көз-қарасын билдирмеген ямаса баянат бойынша шығып сөйлемеген, олар тек ғана көзабаға даўыс бериў менен шуғылланады. Тилекке қарсы, бул – ашшы ҳақыйқат.
Депутатлар ҳәм сенаторлар өз жумысы ҳаққында сайлаўшыларды хабардар етип барыў ушын Интернетте, социаллық тармақларда өз бетлерин ашып, зәрүрли мағлыўматларды оларға киргизип барыўы тийис. Дүньядағы көплеген еллер әлле қашан бул системаға өткен.
Бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириў ўазыйпасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң басшысы Ш.Шерматовқа тапсырылады.
Соның менен бирге, Олий Мажлис палаталарының депутатларын ҳәм сенаторларды руўхый және материаллық хошаметлеўге тийисли режени ислеп шығып, әмелиятқа енгизиў зәрүр. Онда ҳәр бир депутаттың жумысын баҳалаўдың ҳәм хошаметлеўдиң анық өлшемин және механизмлерин белгилеў, соған қарай үлги көрсеткен депутатларға «әдалатлы депутат», «халықты сүйиўши депутат», «мийнеткеш депутат» деген атақлар бериўди нәзерде тутыў мақсетке муўапық болып есапланады.
Бундай атақларға ийе болған депутатлар кейинги сайлаўларда бәринен бурын сиясий партиялар тәрепинен талабан сыпатында алға қойылады, ең әҳмийетлиси, олар халқымыз тәрепинен қоллап-қуўатланады, деп ойлайман.
Шын жүректен ҳәм нәтийжели ислеген, ўәкиллиги тамамланған депутатларға «ҳүрметли депутат» статусын берип, олардың айлығына үстеме ҳақы төлеў системасын енгизиў керек. Соның ишинде, Нызамшылық палатасының депутаты ямаса Сенат ағзасы болған ҳүрметли депутатларымызға ҳәр жылы ең кем айлық мийнет ҳақының 8 есеси, жергиликли кеңеслердиң ҳүрметли депутатларына – 3 еседен 5 есеге шекем болған муғдарда сыйлық бериўди усыныс етемен.
Қала берди, ҳүрметли депутатларға Олий Мажлис палаталарының мәжилислеринде қатнасыў ҳуқықын берсек, не дейсизлер?
Сизлерге жақсы белгили, әмелдеги нызамшылықта депутатлар ҳәм сенаторлар жумыс алып барып атырған дәўирде олардың бурынғы жумыс орны сақланып қалыныўы нәзерде тутылған. Бирақ, әмелде бул норма нәтийжели ислемей атырғанын ашық тән алыў керек.
Сонлықтан да, әне сол нызам нормасының орынланыўын қатаң тәмийинлеўимиз, керек болса, депутатлар өз жумысын жуўмақлағаннан кейин оларды бурынғы лаўазымына салыстырғанда бир текше жоқары болған ўазыйпаға тайынлаў лазым. Бул тәртип барлық буўындағы депутатларға тийисли болыўы әдалатлы болар еди.
Пурсаттан пайдаланып, және бир мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман. Олий Мажлис Сенаты ҳәр жылдың жуўмағы бойынша анық өлшемлер тийкарында елимиз бойынша халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслери арасынан 14, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ўәкилликли уйымлары арасынан болса 1 үлгили кеңести анықлап, басқаларға өрнек етип көрсетиў ҳәм хошаметлеў системасын жолға қойыўы нур үстине нур болар еди.
Бул елимизде жоқары маманлықтағы депутатлар корпусын қәлиплестириўде жаңа бир әмелий қәдем болады.
Сондай-ақ, үлгили кеңеслердиң жумысын кеңнен сәўлелендириў мақсетинде олар туўралы ҳүжжетли фильмлер, ғалаба хабар қуралларында ҳәр қыйлы материаллар, атап айтқанда, «Үлгили депутат» рубрикасы астында көрсетиўлер таярлаў ҳаққында да ойлап көриўимиз тийис. Улыўма алғанда, Олий Мажлисте, ўәлаят ҳәм районларда жумыс ислеп атырған үлгили депутатлардың жумыс усылы ҳаққында китапшалар, жас депутатлар ушын болса тийисли қолланбалар шығарыў керек.
Олий Мажлис палаталары ҳәм жергиликли халық депутатлары кеңеслериндеги мүнәсип жумыс ислеген, басқаларға өрнек болған, Ўатанды сүйиўши ҳәм пидайы депутатлар ҳаққында «Ҳүрметлеў китаплары»ын шөлкемлестириў ҳәм бул китапларды кейин ала Олий Мажлис музейинде сақлаў орынлы болар еди.
Бурынғы ҳәм әмелдеги депутатлар, сенаторлар арасында өз-ара тәжирийбе алмасыў, досларша пикирлесиў орнатыў, көп жыллар мийнет еткен халық ўәкиллерине ҳүрмет-иззет көрсетиў мақсетинде «Депутатлар клубын» да шөлкемлестириўди усыныс етемен.
Бул усынысларды әмелге асырыў ушын Олий Мажлис палаталарының басшыларына, Бас министрдиң орынбасары (Ж.Қўчқаров), Қаржы министрлиги (Б.Ходжаев), Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги (К.Мансуров), Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы (Ҳ.Мирзоҳидов), «Өзбеккино» Миллий агентлиги (О.Мусаев) менен биргеликте еки ай мүдетте тийисли қарар қабыл етиў усыныс етиледи.
Алтыншыдан, Олий Мажлис палаталарының елимиздиң социаллық-экономикалық турмысына тийисли ең әҳмийетли мәселелерди шешиў бағдарындағы инталылығын арттырыў үлкен әҳмийетке ийе.
Биз парламентимизге үлкен исеним билдирип, Нызамшылық палатасына (Нурдинжон Мўйдинхонович Исмоилов)-денсаўлықты сақлаў саласында, Сенатқа болса (Ниғматилла Тўлқинович Йўлдошев)-ишки ислер уйымлары системасында реформаларды әмелге асырыўда бар жағдайды жақсылаўдың басы-қасында болыўды усынған едик.
Ол үлкен жуўапкершилик ҳәм соның менен бирге үлкен абырой.
Өткен ўақыт ишинде бул бойынша белгили жумыслар әмелге асырылды, бирақ еле оларды жетерли, деп болмайды.
Мен қайсы аймаққа барсам да, әлбетте, әне сол еки тараўға айрықша итибар қаратаман.
Бирақ, денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық-техникалық қураллардың жетиспеўшилиги, олардың маман кадрлар менен тәмийинленбегени, имаратлардың талапқа жуўап бермеўи, ишки ислер уйымларында профилактикалық илажлар атына ғана өткерилип атырғаны, айырым аймақларда ҳуқықбузарлықлардың саны артып кеткени сыяқлы бир қатар машқалалар менен кемшиликлер даўам етпекте.
Биз оларды сапластырыў ушын еле көп мийнет етиўимиз, күни-түни тыным билместен ислеўимиз, әне, сол салаларда қатаң парламентлик қадағалаўды орнатыўымыз зәрүр.
Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Мўйдинхонович Исмоилов медицина саласының жуўапкер адамларының мәлимлемесин көбирек Нызамшылық палатасында тыңламақта.
Лекин, бундай жумыс усылын орынларға барып, түрли қәнигелер менен бирге жүрип, аўыллық шыпакерлик пунктлери бола ма, балалар ямаса ҳаяллар емлеўханалары бола ма, ең кеминде он күн жүрип, олардағы ҳақыйқый жағдайды анықлап, машқалаларды ҳәм нызамлы, ҳәм әмелий көз-қарастан шешиў бойынша усыныслар билдириў менен алмастырыў, қысқаша айтқанда, парламентлик қадағалаў бойынша тәсиршең және нәтийжели система жаратыў ҳәр тәреплеме мақсетке муўапық болар еди. Ең тийкарғысы – оннан нәтийже болыўы керек ҳәм оны адамлар сезиўи керек.
Сенат Баслығы Ниғматилла Тўлқинович Йўдошевтиң ишки ислер саласындағы реформалар бойынша жумысы ҳаққында да усындай пикирлерди билдириў мүмкин.
Мәселен, Ташкент ўәлаятының Қыбрай районын ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў саласында үлги районына айландырыў бойынша бир неше ай бурын анық тапсырмалар берилген еди. Бирақ, тилекке қарсы, бул бойынша елеге шекем әмелий нәтийже көзге көринбей атыр.
Жақында Наманган қаласындағы Орзу мәҳәллесинде таяныш пунктинде болып, бул жерде қысқа мүддетте үлкен жумыслар әмелге асырылғанының гүўасы болдық. Солай екен, бундай жумысларды Қыбрай районында да шешиў мүмкин еди.
Сенатымыздың ҳүрметли Баслығы ҳәм ҳүрметли Спикеримиз денсаўлықты сақлаў ҳәм ишки ислер системасын ең үлгили салаларға айландырыў бойынша және де белсендилик пенен жумыс алып барады, деп исенемен.
Неге дегенде, тынышлық ҳәм денсаўлық – ҳәр бир инсан ушын бийбаҳа жемис. Егер усы еки салада алдымызға қойған мақсетлеримизге ериссек, бул ең үлкен табысымыз болады, ҳәм халқымыз бизден әлбетте разы болады.
Және бир мәселеге айрықша итибар қаратпақшыман, Олий Мажлис палаталарының белгили бир ўазыйпаларды орынлаў ушын комиссиялар дүзиў ўәкиллиги бар. Бирақ, ҳүрметли депутатлар, айтыңызшы, Нызамшылық палатасы бул ўәкилликтен соңғы мәрте қашан пайдаланды! Неге енди, жәмийетимиз турмысында әҳмийетли болған ўазыйпалар жоқ па!
Бәриңизге белгили, жаслар менен ислесиў, шаңарақ ҳәм ҳаяллар мәселелеси бәрқулла биз ушын әҳмийетли ўазыйпа есапланған ҳәм буннан кейин де сондай болып қалады.
Олий Мажлис палаталарының дерлик 40 ҳаял сенаторлары менен депутатлары буны жүдә жақсы түсиниседи.
Ҳаял-қызлар арасында алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, соның ишинде, ең аўыр мәселе болған өз жанына қаст етиў, жынаятшылық ҳәм шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыўда Олий Мажлис палаталарының роли сезилмей атыр. Бул бағдарда нәтийжели ислейтуғын нызамлар қабыл етилмей, орынларда әмелий жумыс алып барылмай атыр. Себеби, халқымыз, сайлаўшыларымыз бизден бул бағдарда әмелий ҳәрекетлерди күтпекте.
Сонлықтан Мәмлекетлик мәсләҳәтши О.Мурадовқа Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы менен биргеликте бир ай мүддетте төменги палатада Жаслар мәселелери және Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша комиссияларды дүзиўди үйренип шығыў тапсырылады.
Жетиншиден, парламент палаталарының жумысында бүгин додаланып атырған машқалалардан тысқары және бир қанша машқалалар бар. Бирақ, тилекке ғарсы, оларды сапластырыў илажлары көрилмей атыр. Айрым басшылар тәрепинен, «бул мәселелерди көтермең, тынышымызға ғана жүрейик» тәризинде ис жүргизиўге қаратылған намақул кейпияттан улыўма ўаз кешиўимиз керек.
Парламент басшылары ҳәм олардың орынбасарлары арасында ўазыйпалар бүгинги күнниң талапларынан келип шығып бөлистирилмеген. Бир сөз бенен айтқанда, орынбасарлар майда-шүйде мәселелер менен араласып қалып, мәмлекет ҳәм жәмийет ушын әҳмийетли мәселелер Олий Мажлис басшыларының итибарынан шетте қалып кетпекте.
Мәселен, Нызамшылық палатасында елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў менен қайсы бир басшы яки орынбасар системалы түрде шуғылланып атыр! Бул сораўға жуўап жоқ.
Сонлықтан парламентимиз палаталарының басшыларына ҳәм олардың орынбасарларына жүкленген ўазыйпаларды сын көз-қарастан қайта көрип шығыў ўақты келди, деп есаплайман.
Ҳәр бир фракцияның басшысы – спикер орынбасары белгили бир ўәлаятта анық бир сала ушын жуўапкер болып, усы бағдарды үлгили дәрежеге көтерип берсе, кеўилдегидей болар еди.
Биз Олий Мажлистиң алдында турған ўазыйпаларды нәтийжели шешиў туўралы сөз етип, әлбетте, депутатлардың, сенаторлардың жумысын материаллық тәмийинлеў мәселесин есимизден шығармаўымыз зәрүр. Бул – турмыс ҳақыйқаты.
Бул мәселе жыллар даўамында көрип шығылмаған. Бул дәўирде мәмлекетлик уйымлардың басқа да хызметкерлериниң материаллық тәмийнаты бир неше мәрте көрип шығылып, бүгинги турмысқа, заман талапларына бейимлестирилди.
Не ушын Олий Мажлис палаталарының басшылары шет ел әмелиятын, республикамыздағы ҳуқықты қолланыў әмелиятын терең талқылаў тийкарында бул бағдарда усыныслар киргизбеген!
Мәмлекет басшысы сыпатында мен депутатлар ҳәм сенаторлар менен Олий Мажлис хызметкерлериниң материаллық тәмийнатын жақсылаў бойынша тийкарлы усынысларды көрип шығыўға таярман.
Әзиз дослар!
Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм оның тийкарында қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеўде сиясий партиялар, Олий Мажлис палаталары өз электораты мәплеринен, сайлаўалды бағдарламасында белгиленген тийкарғы бағдарлардан, ўәкилликлерден келип шығып, өз идеялары ҳәм усыныслары менен белсене қатнасыўы керек.
Әсиресе, партиялар буннан мәпдар, себеби, Ҳәрекетлер стратегиясының басқышпа-басқыш, сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў арқалы олар да өз бағдарламалық ўазыйпаларын әмелде орынлаўға ериседи.
Ҳәзирги ўақытта соны айрықша атап өтиў керек, Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген мақсетлер менен ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў көпшилик жағдайда партиялардың жумысына байланыслы. Атап айтқанда, биз келешекте ўәлаят, район, қала ҳәкимлерин сайлаў тәртибин енгизиў бойынша илажлар белгиледик. Бирақ, әне, усы алдынғы, демократиялық идеяны турмысқа енгизиў ушын, бәринен бурын, сиясий партиялар бул жуўапкершиликли лаўазымларға өз талабанларын көрсетиўге таяр болыўы, потенциаллы кадрлар резервине ийе болыўы зәрүр.
Сизлердиң белсендилигиңиз, пуқаралардың сиясий-ҳуқықый мәденияты дәрежесиниң өсип, елимизде көппартиялық системаның барған сайын беккемленип атырғанынан келип шыға отырып, келешекте Ҳүкимет қурамын, соның ишинде, министрлер, мәмлекетлик комитетлер баслықлары лаўазымларын сайлаў жуўмағы бойынша ерисилген депутатлық орынларын инабатқа алып, сиясий партиялар тәрепинен усыныс етиў системасына өтемиз.
Бир пикирди қайта-қайта айтыўды орынлы, деп билемен: алып барып атырған реформаларымыздың табысы, бәринен бурын, сиясий партиялардың жетиклик дәрежесине, олардың әзиз Ўатанымыз алдындағы жуўапкершилигин өзине алыўға қай дәрежеде таяр екенине тиккелей байланыслы.
Қайсы партияға ағза болыўымызға қарамастан, усы елдиң перзенти, усы журттың пуқарасы сыпатында Ўатанымыздың раўажланыўы, елимиздиң тынышлығы менен халықтың абаданлығы жолында бирлесип, шын жүректен хызмет етиўде бәриңизге саў-саламатлық, күш-ғайрат, жаңа табыслар тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.