Орынларда 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы алдынан ҳәр қыйлы спорт илажлары өткерилмекте.
ӨзЛиДеП Қанлыкөл районлық Кеңеси тәрепинен «Саламат шаңарақ – беккем шаңарақ» жойбары тийкарында райондағы 21- санлы улыўма билим бериў мектебинде спорттың волейбол түри бойынша ҳаял-кызлар арасында спорт жарысы шөлкемлестирилди.
Онда сөзге шыққанлар елимизде барлық тараўлар сыяқлы спорт тараўын раўажландырыў бойынша да бир қатар жумыслардың алып барылып атырғанлығын атап өтти.
– Спорттың инсан өмириндеги тутқан орны айрықша,-дейди Дослық МПЖдан қатнасып атырған «Жайҳун» командасының ойыншысы Сайда Сағындықова. – Бундай спорт жарысларының тез-тезден өткерилип турылыўы ҳаял-қызларымыздың спортқа болған меҳирин арттырыўда, бир-бири менен тәжирийбе алмасыўда, денсаўлығын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Өзине жараса ҳәр бир пуқарадан шаққанлық ҳәм епшилликти талап ететуғын спорт жарысында жеңимпаз командалар анықланып, олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги