Орынларда Қарақалпақстан Республикасы судларының судьялары, Жаслар ислери агентлиги, прокуратура, әдиллик министрлиги ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте өткерилип атырған «Инсан ҳуқықлары ҳәптелиги» шеңбериндеги ушырасыўлар даўам етпекте.

Гезектеги ушырасыў Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилди.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы Н.Абдакимов, Ҳәкимшилик суды судьясы А.Салиев, Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының баслығы Ш.Шамамбетов, Нөкис қаласы прокурорының аға жәрдемшиси А.Асенбаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиздеги инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.



Атап өтилгениндей, Өзбекстанда инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, қорғаў ҳәм оған бойсыныў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан есапланады.

Халықтың, әсиресе жаслардың инсан ҳуқықлары тараўындағы ҳуқықый саўатлылығын арттырыў билимлендириў жумысларын және де жетилистиреди. Инсан ҳуқықлары тараўындағы билим бериўдиң тийкарғы принциплери ҳәм усылларын өзлестириў ҳәм толық түсиниўге имкан жаратады.

2020-2024-жылларда инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән билимлендириў бағдарламасының төртинши басқышы әмелге асырылмақта. Усы басқыш жасларды теңлик, инсан ҳуқықларына әмел етиў ҳәм кемситпеў руўхында тәрбиялаў ҳәм инклюзив, тыныш жәмийетти жаратыўға мүмкиншилик бериўши билим бериўге қаратылған.

Баслы мақсет халықтың инсан ҳуқықлары менен еркинликлери ҳаққындағы миллий ҳәм халықаралық стандартлар бойынша хабардарлығын арттырыўдан ибарат.

Илажда студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги