Нөкис кәншилик институтында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги қәнигелериниӊ қатнасыўында “Контрафактсыз ай” шеӊберинде семинар-тренинг болып өтти.
Илажды институт директорыныӊ Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Қ.Юсупов кирис сөз бенен ашты. Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниӊ Интеллетуаллық мүлк ҳуқықларын қорғаў бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси Н.Есназаров бүгинги күни елимизде контрафакт затлардыӊ көбейип кеткенлиги, негизинде бул затлардыӊ белгиси өзгертилип, сол баҳада сатылып атырғанлығы туўралы кеӊ түрде түсиник берди. Соныӊ менен бирге, контрафакт өнимлериниӊ инсан саламатлығына зыян тәреплери туўралы анық мысаллар келтирилди.
Семинар-тренинг соӊында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға тийисли жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги