Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Қанлыкөл районлық бөлими тәрепинен Ишки ислер бөлиминиӊ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген тексериўлер даўамында жасалма усылда таярланған спиртли ишимликлер айланысыныӊ алды алынды.
Атап айтқанда, пуқаралар А.К. ҳәм Ф.Д. өзлериниӊ үйинде қәлбеки акциз маркалы, жәми 364 дана жасалма усылда таярланған “Қаратаў” спиртли ишимлигин сатыў ушын сақлап киятырғанлығы анықланып, айғақлы дәлил сыпатында алынды.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекети алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги