Мийрасхорлық – ўәсият ҳәм нызам менен белгиленген басқа да тәртип-қағыйдаларға тийкарланып әмелге асырылады.  

Мийраслар ашылған ўақытта мийрас қалдырыўшыға тийисли болған, оның өлиминен кейин де бийкар етилмейтуғын барлық ҳуқықлар менен миннетлемелер мийраслар қурамына киреди.

Юридикалық тәреп сыпатында есапланатуғын коммерциялық шөлкемлер ҳәм басқа шөлкемлерге ағзалық, оларда қатнасыў ҳуқықлары, егер нызам ямаса шәртнамада басқа жағдайлар белгиленген болмаса, өмирине ямаса денсаўлығына жеткерилген зыян ушын қун өндириў ҳуқықы мийраслардың қурамына кирмейди. Сондай-ақ, алимент миннетлемелери себепли жүзеге келген ҳуқықлар ҳәм миннетлемелер, мийнет және социаллық тәмийнат ҳаққындағы нызамшылық тийкарында пенсия ҳәм басқа төлемлер алыў ҳуқықы, мүлкий ҳуқықлар менен байланыслы болмаған жеке мүлкке байланыслы емес ҳуқықлар да мийраслардың қурамына кирмейди.             Мийрас қалдырыўшыға тийисли болған жеке мүлкке кирмейтуғын ҳуқықлар ҳәм басқа материаллық емес байлықлар мийрасхорлар тәрепинен әмелге асырылыўы ҳәм қорғалыўы мүмкин.Мийрас пуқараның өлими ямаса оның суд тәрепинен кайтыс болған, деп дағаза етилиўи себепли ашылады. Мийрас қалдырған адамның өлген күни (зәрүрлик туўылса ўақты да ), ол қайтыс болған, деп дағазаланған болса, егер судтың шешиминде басқа мүддет көрсетилген болмаса, қайтыс болған деп жәриялаў ҳаққындағы судтың шешими күшке киретуғын күн мийраслар ашылған ўақыт, деп есапланады.Егер биринен кейин басқасы мийрасты алыўға ҳақылы болған шахслар бир сутка (жигирма төрт саат ) ишинде қайтыс болса, олар бир ўақытта қайтыс болған, деп есапланады. Мийраслар олардың ҳәр биринен кейин ашылады ҳәм олардың ҳәр бириниң мийрасхорлары мийрасхорлыққа шақырылады. Мийрас қалдырыўшының ақырғы турақлы жасап турған жайы мийраслардың ашылыў жайы есапланады. Егер мийрас қалдырыўшының ақырғы жасап турған жайы белгисиз болса, мийрас қалдырыўшыға тийисли болған көшпес мүлк ямаса оның тийкарғы бөлеги турған жай, көшпес мүлк болмаған жағдайда, көшер мүлктиң тийкарғы бөлеги турған жай мийраслар ашылған жай деп есапланады.

Мийраслар ашылған ўақытта турмыста болған пуқаралар, соның менен бирге, мийрас қалдырыўшының турмыслық ўақтында ҳәмиледар жағдайында болған ҳәм мийраслар ашылғаннан кейин тири туўылған балалары ўәсият ҳәм нызам бойынша мийрасхор болыўы мүмкин.Мийраслар ашылған ўақытта дүзилип болған юридикалық тәреплер, соның менен бирге, мәмлекетлик ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў шөлкемлери де ўәсият бойынша мийрасхор болыўы мүмкин.Мийрас қалдырыўшының ямаса итимал тутылған мийрасхорлардан қандайда-бирин көз көреки өлтирген ямаса олардың турмысына қаслық еткен шахслар ўәсият бойынша да, нызам бойынша да мийрас алыў ҳуқықына ийе емес. Ўәсият етиўши өз турмысына қаслық етилгенинен кейин ўәсиятнама берген шахслар буннан тысқары.

Мийрас қалдырыўшының өзиниң ақырғы қәлеўи-ерк-ықрарын әмелге асырыўына көз көреки тосқынлық еткен ҳәм сол арқалы өзлериниң ямаса өзлерине жақын адамлардың мийрасхорлыққа шақырылыўына ямаса мийраслардың өзлерине ямаса өзлерине жақын адамларға тийисли үлеси көбейиўине мүмкиншилик жаратқан шахслар ўәсиятнама бойынша да, нызам бойынша да мийрас алыў ҳуқықына ийе емес. Сондай-ақ, балаларына ата-аналық ҳуқықларынан айырылған ҳәм мийраслар ашылған ўақытта усы ҳуқықлары тикленбеген ата-аналар әне сол балалардан қалған мүлкке мийрасхор болыў ҳуқықына ийе емес.

Соның менен бирге, мийрас қалдырыўшыны тәмийинлеп турыўдан, нызам бойынша өзине жүкленген миннетлемелерин орынлаўдан бас тартқан ата-аналар (перзентликке алыўшылар) ҳәм ер жеткен перзентлер (перзентликке алынғанлар) нызам бойынша мийрасхор болыў ҳуқықына ийе емес.Ылайық емес мийрасхорларды мийрасхорлықтан шетлетиў ушын тийкар болатуғын жағдайлар бундай шетлетиў келтирип шығаратуғын мийрасхорлық пенен байланыслы мүлкшилик ақыбетлерге тийисли шахстың даўасы суд тәрепинен белгиленеди. Усы қағыйдалар ўәсият миннетлемесине де қолланылады.

Бул қағыйдалар ҳәр қандай мийрасхорға, сондай-ақ, мәжбурий үлес алыў ҳуқықына ийе болған мийрасхорларға да тийисли болып табылады.

 

 

А.Айтниязова,

Нөкис қалалық жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.

Қарақалпақстан хабар агентлиги