Бажыхана шегарасы арқалы ҳәрекетлениўши физикалық тәреплер ҳәм сыртқы экономикалық жумысты әмелге асырыўшы исбилерменлик субъектлери ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Бажыхана комитетиниӊ жанында ”Бажыхана-сервис” мәмлекетлик мәкемеси өз жумысын баслады.

Президентимиздиӊ 2022-жыл 27 апрельдеги “Бажыха ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманына муўапық Министрлер Кабинетиниӊ “Өзбекстан Республикасы бажыхана комитети жанындағы  “Бажыхана-сервис” мәмлекетлик кәрханасыныӊ жумысын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарары тийкарында өз жумысын баслаған кәрхана бажыхана уйымларыныӊ улыўма шекленген штатларынан тысқары үлгили штатлар шеӊберинде юридикалық тәреп статусына ийе болған мәмлекетлик шөлкем болып табылады.

Мәкемениӊ Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен бүгин өзине жүкленген ўазыйпалар шеӊберинде алдын бажыхана уйымлары тәрепинен нызамшылық талаплары тийкарында алып қойылған ҳәм суд уйымларыныӊ ҳүкимине муўапық мәмлекеттиӊ пайдасына өткерилиўи белгиленген товар-материаллық байлықларды саўда ярмаркалары арқалы сатыў әмелияты енгизилди. Бул ушын “Нөкис қаласы саўда комплекси” жуўапкершилиги шекленген жәмийети базарында жайласқан саўда орынларын таярланып, атап өтилген мүлклердиӊ халыққа сатылыўы жолға қойылды.

Баҳалаў мәкемелери тәрепинен  нызамшылық талаплары тийкарында экспертизадан өткерилип, белгилеп берилган баҳаларда сатылып атырған бул затлар базардағы баҳадан әдеўир арзанлығы менен ажыралып турады. Бүгинги күнге бул мәкемеге бажыхана хызмети уйымлары тәрепинен нызамсыз түрде мәмлекет шегаралары арқалы алып өтилиўиниӊ ҳәм ишки аймақта нызамға қайшы рәўиште айланыста болыўыныӊ алды алынған баҳасы 2 миллиард сумға шамалас товар-материаллық байлық тапсырылған.

Жақын келешекте “Бажыхана-сервис” мәмлекетлик кәрханасы тәрепинен сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшылары ушын бажыхана шегаралары ҳәм ишки аймақларда хызмет көрсетиўдиӊ жаӊаша қолайлы усылларыныӊ жолға қойылыўы режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги