Нызамшылыққа бола, төмендеги орынларда темеки өниминен пайдаланыў БЕМниң үштен бир бөлеги (100 мың сум) муғдарында жәрийма салыныўына себеп болады:

– жумыс орынларында;

– денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатландырыў мәкемелеринде;

– өрт шығыў қәўпи болған орынларда;

– автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшаларында ҳәм басқа да жәмийетлик орынларда.

Темеки өнимин арнаўлы ажыратылған орынлар ҳәм (ямаса) ханаларда пайдаланыў керек.


Қарақалпақстан хабар агентлиги