Өзбекстаннан Қырғызстан аймағына гөш өнимлери ҳәм шарўа малларын алып кириўге қойылған 2022-жыл 14-сентябрьдеги ўақтыншалық шеклеўлер бийкар етилди. Бул ҳаққында Қырғызстан Аўыл хожалығы министрлиги мәлим етти.

Сондай-ақ, министрлик АҚШтан таўық ҳәм қусшылық өнимлериниң импортына қойылған қадаған етиўлерди әмелде сақлап қалыўға қарар еткен. Соның ишинде, Россия, Қазақстан, Ҳиндстан ҳәм Монголиядан кеселлик белгилери болған шарўа маллары ҳәм олардан алынған өнимлерди мәмлекетке алып кириў бойынша шеклеўлер өз күшинде қалған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги