Мәҳәлле кесиминде ислеў системасының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде ҳәким жәрдемшилери институты шөлкемлестирилип, аймақлардағы машқалалы мәселелерди шешиўде белсене қатнасыўы тәмийинленген еди.

Хош, бүгин орынлардағы машқалаларды системалы сапластырыў, жумысларды ойласқан ҳалда шөлкемлестириўде ҳәким жәрдемшилери қандай белсендилик көрсетип атыр?

Пайтахтымызда өткерилген «Өзбекстанда социаллық әдилликти беккемлеў мақсетинде мүнәсип мийнетти алға қойыў» атамасындағы халықаралық конференцияда ҳәким жәрдемшилери жумысының жолға қойылыўы нәтийжесинде 2 миллион 200 мың жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленгени атап өтилди.

– Мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў бойынша пүткиллей жаңа система – ҳәким жәрдемшилери институты шөлкемлестирилди, – деди кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Беҳзод Мусаев. – Ҳәзирги ўақытта республикадағы мәҳәллелерде 10 мыңға шамалас ҳәким жәрдемшилери жумыс алып барып, олар исбилерменликти раўажландырыў бойынша хызмет көрсетпекте. Ҳәким жәрдемшилери арқалы субсидиялар ажыратыў, жумыс пенен тәмийинлеў, кәсиплик таярлыққа тартыў ҳәм бизнес жүргизиў көнликпелери арқалы дерлик 2,2 миллион адамның бәнтлиги тәмийинленди.

Атап өтилиўинше, бүгинги күнде мийнетке жарамлы 1,3 миллион жумыссыз қалмақта.

Сондай-ақ, усынылған мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта республика бойлап жумыс алып барып атырған 26 «Жумысқа мәрҳамат» моноорайы, 53 кәсип өнерге оқытыў орайы, 539 кәсип өнер орайы, мәҳәллелердеги оқыў орайлары арқалы мийнет базарында талап үлкен болған 70 тен аслам кәсип бойынша жумыссыз пуқараларға билим берилмекте. Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде республикада жумыссызлық дәрежеси 8,9 процентке түсирилген. Кәмбағаллық дәрежесиниң көрсеткиши 17 проценттен 14,1 процентке азайған.

Усы жылы барлық имканиятлар иске қосылып, Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежесин 12 процентке азайтыў режелестирилген.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА