Олий Мажлис Сенаты Өзбекстанда мийнет нызамшылығына әмел етиў, әсиресе, мәжбүрий мийнетти сапластырыў бағдарында избе-из жумысларды әмелге асырмақта.

Сенат жанындағы Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясының ҳәрекети менен балалар мийнети сапластырылды. Буны көплеген халықаралық шөлкемлер тән алды. Өзбекстан пахтасына бойкот бийкар етилди.

– Мийнет стандартларына әмел етиў бағдарында исенимимиз өзгермейди, – дейди Сенат Баслығы, Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясының баслығы Танзила Норбоева. – Биз халықаралық мийнет стандартларына қатаң әмел еткен ҳалда ўатанласларымыздың ҳуқықларын қорғаў системасын буннан былай да беккемлеўге таярмыз. Сол себепли Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) конвенцияларын ратификациялаў, Өзбекстан мийнет нызамшылығын ХМШ конвенциялары ҳәм усынысларына муўапықластырыў бойынша жумысларды келешекте де даўам еттиремиз.

Бул пикирлер «Өзбекстанда социаллық әдилликти беккемлеў мақсетинде мүнәсип мийнетти үгит-нәсиятлаў» атамасында өткерилген халықаралық конференцияда атап өтилди.

Адам  саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў Миллий комиссиясы ҳәм Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте өткерилген илажда Танзила Норбоева мәмлекетимизде кейинги жылларда исенимли сиясий ерк-ықрар себепли мийнет қатнасықлары тараўында пуқаралық жәмийети ўәкиллери, халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлер, атап айтқанда, Халықаралық мийнет шөлкеми менен кең көлемли реформалар әмелге асырылғанын айрықша атап өтти.

Халықаралық мийнет стандартларына әмел етиў, социаллық қорғаўды тәмийинлеў, жәмийетлик қарыс-қатнасты беккемлеў, гендер теңлик ҳәм инклюзивликке ерисиў Өзбекстан ушын ең тийкарғы бағдарлардан есапланады. Бул бағдарда келешекте халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар даўам етеди.

ӨзА