Президентимиздиң тийисли пәрманы ҳәм қарары бойынша, мәмлекетлик жоқары билимлендириўдиң магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлери қайтарыў шәртисиз қаплап берилетуғыны белгиленген.

Бул тәртип, сондай-ақ, магистратураның қысқы қабыллаўында төлем шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етилген ҳаял-қызларға да бирдей әмел етеди.

Сол себепли магистратураға усыныс етилгенлер бул жеңилликтен пайдаланыў мақсетинде Жоқары оқыў орны басшыларына арза менен мүрәжат етиўи соралады.

Мағлыўмат орнында, бул тәртип белгиленген мүддетке шекем арза бермегенлерге, дифференциалластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етилгенлерге ҳәм мәмлекетлик емес Жоқары оқыў орнының магистратурасы ушын енгизилмейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги