Қарақалпақстан Республикасы суды имаратында Қарақалпақстан Республикасы судлары, ҳәкимшилик судларының судьялары ҳәм суд хызметкерлериниң ата-аналары ҳәм олардың жақын туўысқанларының қатнасыўында судья ҳәм суд хызметкерлериниң жуўапкершилигин арттырыў, орынлаў интизамына әмел етиў, системада коррупцияның өз ўақтында алдын-алыў бойынша профилактикалық сәўбетлесиў өткерилди.

Ушырасыў даўамында Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы К.Тарихов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесовлар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде соңғы жыллары суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар, судтың тийкарғы ўазыйпалары, ҳәзирги күндеги судлардың материаллық-техникалық жақтан тәмийинлениўи ҳәм имканиятлары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Халықтың судларға болған исенимин арттырыў, суд уйымын шын мәнидеги әдиллик қорғаны сыпатында қәлиплестириў, жақсы кадрларды таярлаўда олардың ата-аналары ҳәм жақын туўысқанларының орны айрықша екенлиги, жас кадрларға өз нәсиятларын бериўи кереклиги, оларды дурыс жолға бағдарлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Сәўбетлесиў даўамында судья ҳәм суд хызметкерлериниң ата-аналарынан Б.Қощанов, Т.Бекмуратов,  С.Атабаев ҳәм Б.Караматдиновалар шығып сөйлеп, суд уйымы халықтың ең исенген мәкемеси екенлигин атап өтти.






Атап өтилгениндей, ҳәр бир азаматты дурыс тәрбиялаў шаңарақтан басланады. Сонлықтан, ҳәр бир ата-ана перзентлерине өз ўақтында дурыс тәрбия ҳәм нәсиятлар берип, олардың жүрис-турысы қадағаланып турылыўы керек. Коррупциялық иллетлерден аўлақ жүриўди ҳәр күни айтып турыўы ата-аналардың баслы ўазыйпасы саналады.

Ушырасыў қатнасыўшылары усы бағдарда бирге ислесиў бойынша пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги