Технология раўажланған сайын илимде раўажланбақта. Бундай глобал раўажланыў дәўиринде ҳәр бир қәниге өз билимин жетилистирип барыўы лазым. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, математика факультети “Алгоритмлестириў ҳәм программаластырыў технологиялары кафедрасында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслардың билимин және де жетилистириў мақсетинде Муҳаммед Ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети, Ташкент мәмлекетлик экономика университети ҳәм Өзбекстан миллий университетиниң сәйкес кафедралары менен оқытыў ҳәм илимий тәжирийбе алмасыўлар әмелге асырылып келинбекте. Атап айтқанда, усы жылдың 14-февраль сәнесинен баслап Ташкент мәмлекетлик экономика университети “Жасалма интеллект” кафедрасы баслығы, профессор Б. Мөминов студент-жасларға шеберлик сабағын өтпекте. Алгоритмлестириў ҳәм программаластырыў технологиялары кафедрасы магистрантларының қатнасыўында өткерилип атырған шеберлик сабақларында бир қанша жаңа билимлер ҳәм пикир алысыўлар болмақта. Атап айтқанда, шеберлик сабақлары барысында илим ҳәм техниканың жетискенликлери, жасалма интеллект тараўындағы бүгинги күндеги илимий жаңалықларға тийисли мағлыўматлар берилмекте.
Гулчеҳра Айтмуратова,
Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги