Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-апрельдеги «Аймақларда исбилерменлик жойбарларын қаржыландырыў механизмлерин және де кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында аймақларда исбилерменлик пенен шуғылланыўшы пуқараларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халыққа автотранспорт хызметин көрсетиў сапасын жақсылаў мақсетинде, республикамыздағы коммерциялық банклер тәрепинен жеңиллетилген 14 процентлик, 5 жылға шекемги мүддетке, сондай-ақ, 2 жылға шекем жеңилликли дәўир менен 5 млрд сўмға шекем кредитлер ажыратыў белгиленди.
«Транс Көк өзек» жуўапкершилиги шекленген жәмийети де өзлерине жаратылып атырған усындай қолайлылықлардан нәтийжели пайдаланып, «Алоқабанк»тен жеңилликли кредитлери есабынан Россия Федерациясынан «Газель» маркалы жаңа бес автомашинаны алып келиўге еристи.
Қала ишинде жолаўшы тасыўшы бул автомашиналар ҳәзирги күнлери “Орайлық базар – Қызкеткен елаты” жөнелиси бойынша халыққа хызмет көрсетпекте.
Алдағы ўақытлары «Транс Көк өзек» жуўапкершилиги шекленген жәмийети республикамызға Россиядан және де усындай маркадағы автомашиналарды алып келип, өзлериниң материаллық-техникалық базасын жаңалаўды режелестирмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы