Усы жыл 15-февраль күни Нөкис қаласындағы Шымбай шайхана мәкан пуқаралар жыйынында «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң шөлкемлестириўинде мәҳәлле ақсақаллары ҳәм белсендилериниң қатнасыўында ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Илажда, 2023-жыл – Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы Мәмлекетлик бағдарламасы жойбары додаланды ҳәм пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, Мәмлекетлик бағдарламаның жойбары жәми 7 бағдар, 100 мақсет 309 бәнттен ибарат.

Мәмлекетлик бағдарламаның жойбарына бир қанша платформалар арқалы пикир-усыныслар киргизиў мүмкин.

Атап айтқанда, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң (Жамоатчилик.уз) онлайн платформасы арқалы да Мәмлекетлик бағдарлама жойбарына пикир-усыныслар киргизип барыўға болады.   Платформада ҳәр ким өз идеяларын, усынысларын билдириўи, түсиндирмелер қалдырыў мүмкиншилигине ийе.

Ушырасыўда мәҳәлле ақсақаллары ҳәм белсендилери тәрепинен билдирилген усыныслар жамоатчилик.уз онлайн платформасына киргизилди.

Орынларда пуқараларымыз тәрепинен билдирилип атырған пикир-усыныслар ҳәм басламалар 2023-жылғы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленетуғын илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўында үлкен әҳмийетке ийе болады.


Мәмлекетлик бағдарламаның жойбарын додалаўлар ҳәм оған пикир-усыныслар билдириў усы жылдың 17-февраль күнине шекем даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги