Нөкис қаласындағы “Жумысқа мәрҳамат!” моно орайында O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен “Жаслар парламенти”не сайлаўдың екинши басқышы болып өтти.
Онда O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң, жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басшылары, сайлаў комиссияларының ағзалары, депутатлардың жәрдемшилери, районлардағы тийисли сайлаў комиссиялары тәрепинен таңлап алынған талабанлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министри, O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы С.Турманов ҳәм басқа да шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде жаслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, демократиялық мәмлекет қурыў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, сиясий процесслерде олардың белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Әсиресе жаслардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы қатнасын кеңейтиў, социаллық-экономикалық, сиясий белсендилиги ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2020-жылдан баслап Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы жанында “Жаслар парламенти”ниң шөлкемлестирилгени буның айқын дәлийли болып табылады.
Сайлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, жаслардың ҳуқықый ҳәм сиясий билими, санасы ҳәм мәдениятын раўажландырыў, оларды Конституция ҳәм әмелдеги басқа да нызам ҳүжжетлерине ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың парламент турмысына қатнасын арттырыў, партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын турмысқа енгизиўде еркин пикирлеў қәбилетине ийе, интакер, лидер жасларды таңлап алыўдан ибарат.
Сайлаўдың дәслепки басқышында тийисли округтеги районларда таңлап алыў арқалы өткерилген үгит-нәсият жумысларының нәтийжесинде қатнасыў тилегин билдирген 300 ден зыят жастан 22 жастың ҳүжжети екинши–Қарақалпақстан Республикасы басқышында көрип шығыў ушын таңлап алынды.
Талабанлар менен өткерилген сәўбетлесиўлердиң жуўмағында олардың нызамшылық бойынша билим ҳәм көнликпелери, сиясий ҳәм ҳуқықый билими, нызамшылықты жетилистириў, партияның идеялық мақсет ҳәм ўазыйпаларын жаслардың арасында кеңирек үгит-нәсиятлаўға қаратылған пикир-усыныслары, өзлериниң сайлаўалды бағдарламаларын слайдлар арқалы түсиндирип бериўге ҳәрекет етти.
Итибарлы тәрепи, “Жаслар парламенти”не талабанлар бурын еки жылдан сайланатуғын болса енди олар еки ярым жылдан сайланады. Сайлаўдың жуўмағы бойынша 2-санлы “Төрткүл”, 5-санлы “Хожели” ҳәм 6-санлы “Шымбай” сайлаў округлеринде 7 талабан таңлап алынып, сайлаўдың кейинги мәмлекетимиз басқышында қатнасыў ҳуқыцқына ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги