Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында Қарақалпақстан футбол ассоциациясының қәнигелери филиалдың студент-жаслары менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда ассоциацияның Төрешилерди ҳәм бақлаўшыларды таярлаў бөлими қәнигелери  Дәўлет Аманбаев, Фаррух Аширбеков, Мийирбек Ақунов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, футбол спорт түриниң бүгинги күндеги әҳмийетине тоқтап өтти.

Илажда филиал студент-жасларына миллионлар ойыны болған футболдың қағыйдаларына 2022-2023-жылларда жаңадан киргизилип атырған қосымшалар ҳәм өзгерислер ҳаққында мағлыўматлар және төрешиликке қызығыўшы жасларға мәсләҳәтлер берилди.

-Қәнигелерден футбол спортына енгизилген өзгерислер ҳаққында толық мағлыўмат алдық, -дейди футбол қәнигелигиниң 3-курс студенти Шыныбек Қуралбаев. – Усы оқыў дәргайында алған билимлеримиз тийкарында үлкен футбол ушын таяр, мүнәсип талабанлар болыўға ҳәрекет етемиз ҳәм келешекте Қарақалпақстанда футболдың даңқы және де артыўына хызмет етемиз.

Ушырасыў даўамында студент-жаслар тийисли қәнигелерден футболға енгизилген өзгерислер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги