Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнери аўыр жоғалтыўға ушырады. Белгили мәденият ғайраткери, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы Бахтиёр Сайфуллаев 2023-жыл 14-февраль күни 72 жасында қайтыс болды.
Б.Сайфуллаев 1951-жыл 1-апрельде Ташкент қаласында туўылды. Орта мектепти тамамлағанынан соң Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүўретшилик көркем өнери институты (ҳәзирги Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты)н драма театры ҳәм кино актёры қәнигелиги бойынша тамамлады. Мийнет жолын 1972-жылы Республикалық жас тамашагөйлер театры актёры ҳәм режиссёры сыпатында баслады. Соңынан Ташкент мәденият институтының аға оқытыўшысы, факультет деканының орынбасары, факультет деканы ўазыйпаларында мийнет етти. Кандидатлық жумысын қорғағаннан соң, Ташкент мәмлекетлик мәденият институтында педагогикалық жумысын даўам еттирди.
Өз жумысы даўамында Б.Сайфуллаев республика көлеминде ғалабалық мәдений илажларды шөлкемлестириў бойынша шебер режиссёр сыпатында танылды. 2005-2020-жыллары мәденият министриниң биринши орынбасары, мәденият министри сыяқлы жуўапкер лаўазымларды жумыс алып барып, ғәрезсизлигимиздиң руўхый тийкарларын беккемлеў, тараўдағы кең көлемли реформаларды әмелге асырыў, миллий мәденият ҳәм көркем өнеримиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериўде жанкүйерлик көрсетип мийнет етти.
Профессор Б.Сайфуллаев 2012-2020-жыллары Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты сондай-ақ, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы ректоры ўазыйпаларында хызмет етип, мәмлекетимизде жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўға мүнәсип үлес қосты.
Б.Сайфуллаев 2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы лаўазымында ислеп, мәмлекетимизде мәденият ҳәм жаслар сиясатын әмелге асырыў, денетәрбия ҳәм спорт тараўын раўажландырыў бул бағдарларға байланыслы ҳуқықый базаны беккемлеўде өзиниң бай билим ҳәм тәжирийбесин көрсетти.
Б.Сайфуллаевтың өзбек мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери» ҳүрметли атағы, «Меҳнат шуҳрати» ордени сондай-ақ, «Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер ғайраткери» атағы менен сыйлықланған еди.
Белгили мәденият ғайраткери, жаслардың меҳрийбан устазы, кишипейил ҳәм кеңпейил инсан Б.Сайфуллаевтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,
А.Арипов, О.Назарбеков, М.Йўлчиева