Усы жылы Арал теңизиниң қуўраған 100 мың гектар майданында тоғайзарлықлар шөлкемлестириледи. Ҳүкиметтиң бийлигине бола, оның ушын бир қанша қорлар, коммерциялық банклер сондай-ақ, Қарақалпақстан бюджетиниң арттырып орынланған бөлеги есабынан 25 млрд сум қаратылады,-деп жазады газета.уз.
2023-жылы Арал теңизиниң қурыған 100 мың гектар майданында қорғаў тоғайзарлары қурылады. Бул ҳаққында Тоғай хожалығы агентлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Отабек Ашуров АОКАда болып өткен брифингте мәлим етти.
Атап өтилиўинше, бул жасыл қапламаларды қурыў ушын сексеўил, қандим, қарабарақ сыяқлы шөл өсимликлеринен жәми 420 тонна туқым таярланады.
«100 гектар майданда сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлеринен нәлханалар шөлкемлестириледи. Зәрүр муғдардағы техника ҳәм механизмлер, қәниге ҳәм жумысшы-хызметкерлер, сондай-ақ, қәлеўли түрде халық ўәкиллери тоғай мелиоратив илажларын әмелге асырыў ушын тартылады»,-деди ол.
Оның атап өтиўинше, Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 20-январьдағы 25-санлы бийлигине тийкарланып, 2023-жылы жасыл қапламалар қурыўды қаржыландырыў тәртиби белгиленди. Бийлик бойынша Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында усы жылы қорғаў тоғайзарлар жаратыў ушын жәми 25 млрд сум қаржы талап етиледи.
«Бул процесслерди қаржыландырыў ушын Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қорынан 5 млрд сум, Тоғай хожалығын раўажландырыў қорынан 5 млрд сум, Акционерлик коммерциялық банклерден 5 млрд сум, Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң арттырып орынланған бөлеги есабынан 10 млрд сум ажыратылады. Буннан тысқары, өткен жыллардағы қарыздарлықлар ушын Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан 5,5 млрд сум мақсетли қаржылар ажыратылыўы нәзерде тутылмақта»,-деди Отабек Ашуров.
2023-жылы Аралбойы регионы болып есапланған Наўайы ўәлаятында 50 мың гектар, Бухара ўәлаятында 40 мың гектар сондай-ақ, Хорезм ўәлаятында 11 мың гектар майданда жасыл қапламалар шөлкемлестириледи.
Агентлик ўәкилиниң сөзлерине бола, Арал теңизиниң қурыған ултанында 2022-жылы 107 мың гектар майданға сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлери егилген.
«Шөл өсимликлеринен жәми 590,3 тонна туқым таярланды, соннан, 391 тоннасы жергиликли халыққа тийисли. 100 гектар майданда сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлеринен нәлханалар шөлкемлестирилди. Бул процесслерге 635 жумысшы-хызметкерлер, 250 дана жоқары өнимли тракторлар ҳәм 2 дана киши авиация (АН-2) тартылды. Сондай-ақ, бул жасыл қапламалар тараў илимпазлары тәрепинен турақлы мониторинг етилип, шөл өсимликлериниң көгериўи бойынша жақсы нәтийжелерге ерисилмекте»,-деди ол.
Қарақалпақстан хабар агентлиги