Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Заҳриддин Муҳаммед Бабур туўылғанының 540 жыллығына бағышланған илимий-әмелий конференция болып өтти. Онда Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының жуўапкер ўәкиллери, университеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажда университеттиң өзбек филологиясы факультети деканы, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) М.Курбаниязов, Археология кафедрасы оқытыўшысы М.Толыбаев ҳәм Өзбек тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) Г.Авезовалардың Бабурдың өзбек әдебий тилин раўажландырыўда қосқан үлеси, Темурийлер тарийхында тутқан орны ҳаққындағы баянатлары тыңланды.
-Бүгинги күнде уллы ата-бабаларымыздан қалған илимий ҳәм әдебий мийрасты үйрениўге Президентимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылмақта,-дейди университеттиң жаслар мәселеси ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша биринши проректоры С.Алаўатдинов. – Студент-жасларды инсаныйлық руўхында тәрбиялаў, миллий қәдириятларымызды терең түсиниўде уллы ата-бабаларымыздың турмыслық тәжирийбесиниң әҳмийети үлкен болып табылады. Усындай уллы тулғалардан бири Заҳриддин Муҳаммед Бабур болып, оның бизлерге қалдырған мийраслары менен қанша мақтансақ арзыйды.
Илаж даўамында студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди. Олар шайырдың ғәзеллери ҳәм рубайыларын ядтан айтып, «Бабур Мырзаның өмир жолы», «Хумаюнның наўқасланып қалыўы» атамасындағы сахналық көринислерди шеберлик пенен атқарып жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.
– Уллы бабамыздың туўылғанының 540 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажда уллы мәмлекетлик ғайраткер, сәркарда, илимпаз ҳәм шайырдың ролин атқарғанымнан қуўынышлыман, -дейди Өзбек тили ҳәм әдебияты кафедрасының студенти М.Хурсанов. – Заҳриддин Муҳаммед Бабур көп қырлы инсан болған. Өз заманында әдалатлы патша, уллы илимпаз ҳәм шайыр сыпатында даңққа ерискен. Мине усындай уллы тулғалардың әўлады екенлигимизден мақтаныўымыз керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги