Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.


Дин ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң қәнигелери, жазыўшылар, студент-жаслар қатнасқан илажда жоқары оқыў орынларында руўхый-ағартыўшылық илажларды және де көбирек өткериў, студент-жасларды китап оқыўға, мәденият ҳәм спортқа қызықтырыў арқалы ўатансүйиўшилик ҳәм миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў кереклиги атап өтилди.

-Биз жасларымызды ана Ўатанға мухаббат, тарийхымызға, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўды баслы мақсет етип алған екенбиз, ең алды менен, олардың санасында ҳәм қәлбинде идеалогиялық, руўхый иммунитетти күшейтиўимиз керек, -дейди филиал директоры А.Есимбетов. – Сонда ғана жасларымыз миллий өзлигин, соның менен бирге, дүньяны терең түсинетуғын, заман менен тең адым ататуғын перзентлер болып кәмалға жетеди. Буның ушын оларды шаңарақта, мектепте, жоқары оқыў орынларында тәрбиялап, билим алыўына итибарлы болыўымыз керек.

-Әлбетте, жаслардағы руўхый бослықты толтырыў ушын оларды мәдениятқа қызықтырыў керек. Себеби, мәдениятқа ашық инсанлардың қәлбинде жақсылық оянып, ҳәр қыйлы жаўызлықлардан узақ болады, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Халық жазыўшысы, филология илимлериниң кандидаты А.Әбдиев. – Инсан қәлбинде Ўатанға муҳаббат, елге садықлық, меҳир-мүриўбет сезимлерин оятыўда мәденияттың орны үлкен. Бүгинги жасларымыз арасында мәденият тараўына қызығыўшылар санының артып атырғаны қуўанышлы жағдай.


Илажда сөзге шыққанлар мәлимлеме технологиялары ҳәм олардың жәмийет пенен жаслардың санасына тәсири ҳаққындағы турмыслық мысаллар тийкарында билдирген пикирлери жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.

Студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги