1979-жылдың 28-декабринде Аўғанстанның сол ўақыттағы жаңа ҳүкиметине жәрдем бериў ҳәм бул елде өзиниң сиясий үстемлигин орнатыў мақсетинде, совет армиясы Аўған жерине алып кириледи.
Бурынғы аўқам басшылары тәрепинен 1-2 ай ишинде тамамланыўы режелестирилген бул урыс он жылға созылып кетти. Нәтийжеде аўған халқына интернационаллық жәрдем беремиз, деп совет армиясы қатарына шақырылған ҳәм онда мәртлерше хызмет еткен 15 мыңнан аслам жаўынгерлер саўашларда биймезгил қаза тапты.
1988-жылы болса, бурынғы аўқам басшылығы бул урыстың пайдасыз екенлигин есапқа алып, совет армиясын Аўғанстаннан басқышпа-басқыш алып шығыўға қарар етти ҳәм 1989-жылдың 15-февраль сәнесинде ең соңғы әскерий бөлимлер шегарадан аман-есен алып өтиледи.
1979-1989-жылларда жүргизилген бул урысқа Қарақалпақстан Республикасынан 3581 жаўынгер қатнасып, соннан 89 әскер жигитлеримиз мәртлерше қаза тапты.
Халқымыз ушын әҳмийетли ҳәм умтылмас сәне есапланған 15-февраль елимиз бойлап байрам сыпатында кең түрде белгиленеди.
Бүгин Шымбай районы ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан ветеран-жаўынгерлер ҳәм майыплар бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлими тәрепинен усы сәнеге бағышланып байрам илажы шөлкемлестирилди.
Оған район басшылары, ветеран-жаўынгерлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Ең дәслеп қатнасыўшылар район орайында жайласқан ҳәсиретли Ана естелик комплексине барып, аўған урысында қазаланған шымбайлы интернационалист жаўынгерлердиң естелигине гүл шеңберлерин қойып, олардың руўхларына қуран аятларын оқыды ҳәм бул жаўынгерлердиң ислеген мәртликлерин ҳүрмет пенен еске алды.
Соңынан район ҳәкими А.Тажетдинов Өзбекстан ветеран-жаўынгерлер ҳәм майыплар бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлими Шымбай районы бойынша ўәкили А.Төремуратов пенен биргеликте ҳәзирги күнлери наўқасланып атырған ветеран-жаўынгерлердиң ҳал-жағдайынан хабар алып, оларға байрам саўғаларын тапсырды.
-Бул урысқа Шымбай районынан 300 ге шамалас жигитлер атланып, соннан алтаўы саўашларда қайтыс болды,-дейди бизге отставкадағы лейтенант Азат аға Төремуратов.- Ҳәзирги күнлери солардан 107 си районымыз аймағында жасап келмекте. Усы ветеран-жаўынгерлердиң руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, келешекте бундай урыслардың алдын алыў, елимиздеги тынышлықтың қәдирин жас әўладлар санасына сиңдириў мақсетинде, усы байрам илажын шөлкемлестирип атырмыз. Сондай-ақ, саўашларда қайтыс болған қураллас досларымыздың атларын мәңгилестириў ушын Ҳәсиретли Ана монументи жанына олардың атлары жазылған қулпы тасын орнаттық. Алдағы ўақытлары бундай унамлы ислер еле даўам ете береди.
Илаж соңында Азиза ресторанында ветеран-жаўынгерлер ушын байрам дастурханы жайылып, оларға районлық мәденият бөлими ҳәм 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби хызметкерлери тәрепинен заўықлы концерт бағдарламасы қойып берилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы