Соңғы ўақытлары дәрилик препаратлар менен байланыслы бир қанша кеўилсиз жағдайлардың жүз бериўи халық арасында оларға исенимди сөндирип, дәри-дәрмақларды сатып алыў алдынан екилениў ҳәм гүманлардың туўылыўына себеп болмақта. Халқымыз наўқасланса көбирек тәбийғый жоллар менен емленгенди мақул көрмекте, яғный химиялық қураллардан қашып, тәбийғый өсимликлерден пайдаланыўға ҳәрекет етпекте. Химиялық дәрилер тез тәсир ететуғыны ҳақыйқат, бирақ олардың кери ақыбетлери де жүдә көп. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, инсанияттың күнине бир проценти дәрилердиң кери тәсиринен жәбир көреди екен. Дәрилик өсимликлердиң болса улыўма кери тәсири жоқ ҳәм олар адам организмине тән.
Дәрилик өсимликлердиң химиялық препаратлардан абзаллықлары, бүгинги күнде республикамыз аймағында өсетуғын усындай өсимликлердиң түрлерин сақлап қалыў, дәрилик өсимлик түрлеринен фармацевтика санаатында пайдаланыў имканиятлары ҳәм басқа да мәселелер ҳаққында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Тәбият илимлери илимий-изертлеў институты «Өсимликлер экологиясы» лабораториясының баслығы, биология илимлериниң кандидаты, доцент Холида Матжанова менен сәўбетлестик:
– Елимизде дерлик барлық кеселликлерге ем болатуғын дәрилик өсимликлер табылады. Соған қарамастан, дәри препаратлары саўдасы, дәриханалар саны жылдан-жылға артып бармақта. Бирақ, дәри себепли дүньядан ерте көз жумған нәрестелер менен байланыслы ўақыялардан соң жағдай өзгергендей. Бул ҳаққында пикириңиз қандай?
– XX әсирде синтетикалық химия ҳәм медициналық препаратлар ислеп шығарыў санааты тезлик пенен раўажланды. Синтез жолы менен жүдә көп жаңа, тез тәсир ететуғын дәрилик затлар алынды. Бирақ оларды үзликсиз түрде қабыллап турыў, инсан организминиң усы дәриге үйренип қалыўын келтирип шығарады ҳәм басқа органлардың жумысының бузылыўына алып келиўи мүмкинлиги белгили болды.
Сондай-ақ, санаат көлеминде химиялық синтез арқалы алынып атырған ҳәр қыйлы дәри-дармақлардың баҳасы дәрилик өсимликлерден алынатуғын дәри өнимлерине қарағанда бираз қымбат болады. Сонлықтан да, соңғы жылларда дәрилик өсимликлерге болған қызығыўшылық артып бармақта. Әҳмийетлиси, олардың шийки заты тийкарында алынатуғын дәрилик затлар – витаминлер, биологиялық актив затлар ҳәм минераллар тәбийғый болғанлықтан инсан организмине унамлы тәсир етеди ҳәм зыяны жоқ.
Қарақалпақстанда дәрилик өсимликлердиң көп түрлери, мысалы, әдираспан, шиповник, боян, назбайгүл, альтей, эфедра, ферула, шашыратқы ҳәм басқа да өсимликлер өседи. Дәрилик өсимликлер өзиниң қурамындағы затлардың адам организмине көрсететуғын тәсирине қарай, нерв системасын тынышландырыўшы ретинде, жүрек-қан тамыр, асқазан-ишек тракти кеселликлерин емлеўде ҳәм профилактикасында, жөтелге ҳәм аязлаўға қарсы, қан кетиўин тоқтатыўшы, нерв кеселликлерин емлеўши, ҳәр қыйлы паразитлерден организмди тазалаўшы сыпатында ҳәм басқа да мақсетлерде пайдаланылады.
Ҳәммемиздиң атызларымызда өсетуғын петрушка, атқулақ ҳәм пәшектиң урологиялық кеселликлерге, жоңышқа менен қусқонбастың тери кеселликлерине, назбайгүлдиң ревматизмге, үпелектиң (қойма-қошқарманың) асқазан-ишек кеселликлерине ем болатуғыны анықланған. Оларды және де көбейтсек, керек болса, қыста пайдаланыў ушын кептирип алып қойсақ, шаңарақ ағзаларымыздың денсаўлығын исенимли қорғаған болар едик.
– Халық арасында дәрилик өсимликлерге болған талап қандай! Халқымыздың усындай өсимликлерге көзқарасы өзгерип, бул бағдарда алдынғы жылларға қарағанда талаплар артқан болса керек?
-Инсан өмири бурыннан-ақ өсимликлер дүньясы менен тиккелей байланыслы, себеби, олар адамға азық-аўқат, кийим-кеншек, дәри-дәрмақ, қурылыс материалы ҳәм техникалық шийки зат дәреги болып хызмет еткен. Ең әҳмийетлиси, – өсимликлер жасыл лаборатория болып, олар адам организминде органикалық затларды – белок, углевод ҳәм майларды синтезлеп бериўи менен бирге, атмосферадағы кислородты жеткерип бериўши бирден-бир дәрек болып табылады.
Дәрилик ямаса шыпалы өсимликлер – бул өзиниң қурамында инсан ҳәм ҳайўан организмине тәсир етиўши биологиялық актив затларды – алкалоидлар, гликозидлер, витаминлер, эфир майлары сыяқлы химиялық бирикпелерди сақлайтуғын, илимий ҳәм халық медицинасында қандай да бир кеселликти емлеў яки оның алдын алыў мақсетинде қолланылатуғын өсимликлер. Әҳмийетлиси, халқымыз денсаўлықты сақлаў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм балаларын саламат етип өсириўде дәрилик өсимликлердиң ҳәм олар тийкарында таярланатуғын дәрилик препаратлардың әҳмийетин түсине баслады.
Сол себепли, республикамызда өсетуғын дәрилик өсимликлердиң жоқ болып кетиўиниң алдын алыў, интродукция жолы менен басқа түрлерди алып келиў, өсимликлердиң перспективалы түрлерин илимий жақтан үйрениў, дәрилик өсимлик түрлеринен фармацевтика санаатында пайдаланыў имканиятларын анықлаў ҳәм санаат плантацияларында, экологиялық таза аймақларда өсириў усылларын ислеп шығыўға бүгинги күнде айрықша итибар қаратылмақта. Президентимиздиң 2022-жылы «Дәрилик өсимликлер шийки зат базасынан нәтийжели пайдаланыў, қайта ислеўди қоллап-қуўатлаў арқалы қосымша қун шынжырын жаратыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм «Дәрилик өсимликлерди мәдений түрде жетистириў ҳәм қайта ислеў және емлеўде олардан кеңнен пайдаланыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
– Берилген мағлыўматларға қарағанда, тек елимизде өсетуғын дәрилерден тысқары шет еллерде жетистирилетуғын ҳәм бизге керек болған дәрилик өсимликлерди шараятымызға бейимлестириў жумыслары әмелге асырылмақта. Усы ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.
– Республикамыз флорасында ушыраспайтуғын өсимлик түрлерин басқа мәмлекетлерден алып келип, оларды Нөкис қаласы шараятына интродукциялаў жумыслары бизиң лабораториямыз хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылмақта.
Дәрилик өсимлик ретинде пайдалы, қурғақшылыққа ҳәм топырақтың шорлығына шыдамлы болған өсимликлер – Годжи (Licium barbarum) өсимлигин, саяманлы өсимлик сумах (тотим – Rhus coriaria)ты, сондай-ақ, саяманлы ҳәм қағаз санаатында пайдалы есапланған Қағаз тереги (Бруссонетия- Broussonetia papyrifera) өсимликлерин 2018-жыл март айында Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими жанындағы тәжирийбе жер майданына Ташкент қаласындағы «Ботаника» бағынан алып келип, Нөкис қаласының шараятына интродукциялаўға ҳәрекет еттик.
Ўатаны Тибет (Қытай) болған Годжи өсимлиги ийтжүзимлер (Solanaceae) туқымласына киреди. Бойы 2 метрге шекем болған бул пута өзиниң қурамында көп муғдардағы линол кислотасын сақлаўы менен әҳмийетли. Ол адам организминде зат алмасыўды жақсылап, салмақты азайтыў (аздырыў) қәсийетине ийе. Годжидиң кептирилген мийўелеринде инсан организми ушын зәрүр болған барлық элементлер болып, иммунитетти көтереди ҳәм вируслы, инфекциялы кеселликлерден қорғайды.
Сумах, тотим өсимлиги пистелер (Anacardiaceae) туқымласына тән болып, бойы 2-5 метрге жететуғын пута ямаса киши көлемли терек. Сумах жапырақларының қурамында 10-20,9 процентке шекем танин, 4,8 процент галла кислотасы ҳәм эфирлери, флованоидлар бар. Сумах қурамындағы танин заты ушын қәдирленеди ҳәм саяманлы терек ретинде де пайдаланылады.
Көбейиўи тамыр нартшалары арқалы әмелге асады. Ҳәзир Илимлер Академиясы жанындағы жерге отырғызылған нәллер жақсы өсип раўажланып, қаптал нартшалары арқалы көбейе баслады. Сумахтың тамыр системасы жүдә күшли раўажланады. Топыраққа беккем орналасып, жердиң астындағы терең қабатлардан суўларды өзлестире алады, қурғақшылыққа шыдамлы. Бул өсимлик жаңа шараятта нормал өсиўде даўам етпекте.
Қағаз тереги өсимлиги тутлар (Moraceae) туқымласының ўәкили болып, тропикалық өсимлик. Бойы 12-15 метр, тез раўажланады. Қалаларда саялы-салқын бериўши ҳәм саяманлы ретинде әҳмийетли. Оның қабығының талшықларынан жоқары сапалы қағаз, арқанлар, балық аўлаў ушын торлар таярлаўға болады. Бул өсимлик бизиң шараятымызға ийкемлесип, өсе баслады. Бойы 5-6 метрге жетти. Гүллеп, туқымын төгип, жаңадан нәл пайда етти. Буннан тысқары тамыр нартшалары арқалы көбейип бармақта.
Солай етип, интродукция арқалы жаңа өсимлик түрлерин республикамыз шараятында өсириў, перспективалы түрлерди илимий жақтан үйрениў, фармацевтика санаатында пайдаланыў имканиятларын анықлаў, оларды келешекте санаат плантацияларында экологиялық таза аймақларда өсириў мүмкиншилигин береди. Соның менен бирге, дәрилик өсимликлер республикамызда және де көп жетистирилсе, оларды жетистириўдиң заманагөй технологиясы ислеп шығылса, халықтың саламатлығын сақлаўға, кеселликлердиң алдын алыўға ҳәм жас әўладты саламат етип өсириўге үлес қосқан боламыз.
– Қарақалпақстанда дәрилик өсимликлердиң 230 ға шамалас түри өседи екен. Олардан 45 ке шамалас түрлери азайып баратырған, аз ушырасатуғын ҳәм жоқ болыў алдында турған дәрилик өсимликлер. Әҳмийетлиси, олар арасында жабайы ҳалда өсетуғын ҳәм жоғалып кетиў қәўпи астында турған дүнья жүзилик әҳмийетке ийе өсимликлердиң түрлери де бар. Флорамыздың бул дәрежеге келип қалыўына не себеп болды, деп ойлайсыз?
– XX әсирдиң екинши ярымынан баслап инсанның тәбийғый экосистемаларға тәсири күшейип барыўы менен көпшилик тәбийғый экосистемалар бузылып, олардың орнын антропоген ландшафтлар ийеледи. Айырым аз ушырасатуғын өсимликлердиң түрлери жоғалып кеткен болса, базылары жоқ болыў қәўпи астында қалды.
Елимизде өсимликлер тарқалған майданлардың қысқарыўы, тоғай массивлериниң азайып кетиўи экологиялық жағдайдың бузылыўына алып келмекте. Қарақалпақстан өзиниң қурамалы климатына ҳәм топырақ шараятларына ийе. Әсиресе, Арал теңизиниң қурып қалыўы нәтийжесинде соңғы жылларда ҳаўа райының қолайсыз өзгерислери бақланбақта. Бәҳәр айларында көплеп дуз, шаң боранларының жүз бериўи республикамыз топырағының ҳәм ҳаўа қурамының ҳәр қыйлы дузлар менен тойыныўына себеп болмақта. Бул жағдай – яғный топырақтың шорланыўы, ҳаўаның патасланыўы ҳәм қурғақшылық бул жердеги өсимликлердиң нормал өсип раўажланыўына тосқынлық етеди.
Ҳәзирги ўақытта республикамыздағы барлық 500 мың гектардан аслам суўғарып егилетуғын жерлер ҳәр қыйлы дәрежеде ҳәм типте шорланған топырақлардан ибарат. Бундай шорланған ҳәм деградацияға ушыраған топырақ шараятлары аўыл хожалығы егинлериниң нормал өсиўин қыйынластырып жибереди.
Усыған байланыслы соңғы жыллар даўамында тәбийғый ҳалда өсиўши жабайы өсимликлер санының қысқарыў динамикасын көриў мүмкин. Илимий әдебиятларда профессор Салий Ережеповтың 1978-жылы берген мағлыўматы бойынша, өткен әсирдиң 78-жылларына шекем Қарақалпақстан аймағында өсимликлердиң 1 мың 200 түри өскен.
1988-жылы биология илимлериниң докторы Базарбай Шербаев өсимликлердиң 1 мың 110 түри барлығы ҳаққында хабар берип өткен.
Өсимликлер – сыртқы орталықтың тазалығын ямаса патаслығын көрсетип турыўшы индикаторлар болып есапланады. Экологиялық жағдайдың жылдан-жылға төменлесип барыўы өсимликлер дүньясында көзге тасланбақта. 2004-жылға келип, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўалаятындағы өсимликлердиң саны тек ғана 979 түрди қурады.
Сондай-ақ, кейинги ўақытлары халқымыз тәрепинен тәбийғый ҳалда шығып турған өсимликлерди (атап айтқанда, әдираспанды) гүллеп атырған ўақтында жулып алыў жағдайлары көп ушырасып атыр. Бул олардың көбейиўине кесент етип, азайып кетиўине себеп болмақта. Ҳәзирше үй қапталы қыйтақ жерлеринде дәрилик өсимликлерди өсирип, жетистириўди қәлеўшилер табылмай атыр.
Сәўбетлескен: М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы