Дүнья тарийхында өз орнына ийе үлкен салтанат дүзип, жәҳән әдебияты ҳәм мәдениятының раўажланыўына салмақлы үлес қосқан уллы мәмлекетлик ғайраткер, энциклопедист алым, шайыр Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың 540 жыллық юбилейи республикамыз бойлап кең түрде белгиленбекте.

Төрткүл районындағы 3-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде усы сәнеге бағышланған салтанатлы кеше болып өтти.

Оған район ҳәкимлиги, Республика руўхый-ағартыўшылық орайының районлық бөлими, Мәденият бөлими, Халық билимлендириў бөлими хызметкерлери ҳәм дөретиўши жаслар қатнасты.

Илажда районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 68-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Р.Аминова, 2-санлы мектептиң дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Т.Розибаевлар Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилиги, келешек әўладларға қалдырған мийраслары ҳаққында кең түрде айтып берди.




Илажда районлық мәденият бөлими, 3-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, Бәркамал әўлад балалар дөретиўшилик мектеби  хызметкерлери ҳәм тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған сахналық көринислер, ғәззел-рубайы ҳәм қосықлар атқарылып, кешеге айрықша заўық бағышлады.





Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы