Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева өзиниң миссиясын жуўмақлап атырған БМШ Бас хаткериниң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили, БМШтың Орайлық Азия бойынша превентив дипломатия бойынша регионаллық орайының басшысы Наталья Герман менен ушырасты.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан Республикасының БМШ ҳәм оның қәнигелескен уйымлары, соның ишинде, БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы менен бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жылы БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Орайлық Азия регионында тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеў, турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған конструктивлик идея менен басламаларды алға қойған еди. Бул басламалар Самарқандта болып өткен «Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў ҳәм раўажланыў жолындағы бирге ислесиў» темасындағы халықаралық конференцияда бир пүтин бағдарлама түринде усыныс етилди. Бул Орайлық Азия мәмлекетлериниң басшылары мәсләҳәт ушырасыўының шөлкемлестирилиўинде тийкар болды.
Ҳәзирги күнде регион мәмлекетлери менен барлық тараўларда, атап айтқанда, парламентлер арасында еки ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиў раўажланып бармақта. Усы жылы 9-10-февраль күнлери Қазақстан Республикасының Түркстан қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлериниң биринши парламентлер аралық форумы да регион еллери арасында стратегиялық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм бул процессте парламентлердиң ролин және де арттырыўға хызмет еткени айтып өтилди.
Ушырасыў даўамында Сенат Баслығы Т.Норбоева Наталья Германға, оның миссиясы даўамында Өзбекстанның регионаллық орай менен өз-ара бирге ислесиўи сезилерли дәрежеде жеделлескенин, мүнәсибетлер сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин айрықша атап өтти.
– 2017-2022-жыллары БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы менен тығыз бирге ислесиўде Өзбекстанда бир қатар әҳмийетли халықаралық баслама ҳәм жойбарлар табыслы әмелге асырылды. Биз дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеў, регионаллық характердеги бир қатар әҳмийетли машқалаларды шешиўде орай жәмәәти менен тығыз ҳәм конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттиремиз,-деди Сенат Баслығы.
Өз гезегинде, Наталья Герман Өзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың нәтийжелерин атап өтип, мине, усы Өзбекстанның жетекшилик басламасында Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиў исенимли жеделлесип атырғанын жоқары баҳалады. Регионда өз-ара жедел бирге ислесиў ҳәм конструктивлик додалаў форматын алға қойып атырған Өзбекстан туўысқан мәмлекетлер арасындағы ҳәр қыйлы мәселелердиң шешилиўинде ҳәм регионаллық шерикшиликтиң раўажланыўындағы тийкарғы ролин айрықша атап өтти.
Дослық ҳәм әмелий руўхта өткен сөйлесиўде қәўипсизлик, турақлы раўажланыў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм хошаметлеў, сондай-ақ, тынышлықты беккемлеў бағдарындағы глобал машқалалрды шешиўге қаратылған бирге ислесиўди және де күшейтиў перспективалары бойынша пикир алысылды.
ӨзА