Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Шоманай районлық бөлими тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында жер саўдасы менен байланыслы алдаўшылық жағдайы анықланды.
Атап айтқанда, Д.К. қәлбеки ҳүжжетлер арқалы өзиниң атына рәсмийлестирип алған Нөкис қаласы Қум аўыл мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы резервтеги 6 сотих жер майданын пуқара М.А.ға сатыўға келиседи. Усы жер майданы ушын 37 миллион сумды алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.
Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекети алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги