O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен Нөкис қаласындағы “Жумысқа мәрҳәмат!” моно орайында “Ашық есиклер күни” өткерилди.

Онда исбилерменлер, тийисли кәрхана ҳәм шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп моно орай тәрепинен өткен жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелер менен жақыннан танысты. Атап өтилгениндей. өткен жылы  3122 пуқара кәсип-өнерге оқытылған болса, олар тийкарынан хызмет көрсетиў ҳәм сервис, шет тиллери ҳәм санлы технологиялар, техникалық ҳәм басқа да тараўлар бойынша оқытылған. Буннан тысқары, орайда имканияты шекленген, “Ҳаял-қызлар дәптери”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Темир дәптер”ге киргизилген пуқаралар да өзлери қәлеген кәсип түрлери бойынша оқытылмақта.

Буннан кейин тыңлаўшылар ушын үйретилип атырған кәсип түрлери, мүддетлери, нәтийжелери, көргизбели қураллары менен жақыннан танысты. Итибарлы тәрепи, имканияты шекленгенлер усы жердиң өзинде сурдоаўдармашы тәрепинен оқытылып, олардың майыплығына қарамастан дәрамат табыўға умтылып атырғанлығы бәршеде айрықша тәсир қалдырды.

Моно орай жанында ыссыхана шөлкемлестирилген, Бул жерде өним жетистириў менен бир қатарда калифорния қурты бағылып, биогумус ислеп шығарылмақта.  Бул жерлердиң өнимдарлығын арттырыўға, оннан пайдаланыў арқалы мол дәрамат алыўға хызмет етпекте.

Қатнасыўшылар бул жердеги шараятлар менен танысып, жасларды кәсип-өнерге үйретиўде ҳәм олардың келешекте белгили бир кәсип маманы болып шығыўындағы әҳмийетине тоқтап, кәсип түрлерин көбейтиў, бундай орайларды ҳәр бир районда ашыў зәрүрлиги бойынша пикир-усынысларын билдирди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов қатнасты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги