Тақыятас районлық көп тармақлы поликлиникасына қараслы амбулатор-диагностика орайында «Аўыл хожалығы хызметкерлери айлығы» акциясы шөлкемлестирилип, онда тараўда мийнет етип атырған хызметкерлер арнаўлы қәнигеликке ийе тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди.
Онда қәнигелер заманагөй МРТ, көшпели маммография, ЭКГ, УЗИ аппаратларынан пайдаланып, пуқараларда бар болған кеселликлерди емлеў бойынша тийисли мәсләҳәтлер берди.
— Поликлиникаға қараслы бул амбулатор-диагностика орайы халыққа жетик медициналық хызмет көрсетиў ушын мөлшерленген болып, ол Азия раўажланыў банки жәрдеминде қурылған, — дейди бизге районлық медицина бирлеспеси баслығы Табассум Рўзметова. — Акция шеңберинде тексериўлер даўамында кеселликлер анықланған кем тәмийенленген шаңарақ ағзалары бул жерде стационар шараятта емленеди.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлим етиўинше, быйыл республикамыз бойынша усындай тексериўлер арқалы 18-40 жас аралығындағы 753 мың пуқара профилактикалық тексериўден, 40 ҳәм оннан үлкен жастағы созылмалы кеселлиги болмаған 548 мың пуқара жүрек-қан тамыр кеселлиги ҳәм қантлы диабет бойынша скрининг тексериўлеринен өтиўи режелестирилген.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы