Нөкисте Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм партияның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракциясының 2022-жылдың жуўмағына бағышланған қоспа мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы,  партияның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракциясының басшысы Халилла Ешимбетовтың партия Атқарыў комитети ҳәм фракциясының 2022-жылдағы жумысы бойынша есабаты тыңланды.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында елимиздиң басшысы Жаңа  Өзбекстанды “Социаллық мәмлекет” принципи тийкарында қурыўды ҳәм буны Конституцияда беккемлеў кереклигин атап өтти. Өзбекстан Халық демократиялық партиясы бағдарламалық мақсетлериниң тийкарғы идеясы халықты социаллық қоллап-қуўатлаў баслы мақсет етип белгиленгенлиги, соның ушын да Президентимиздиң пикирлери қоллап-қуўатланып, партия шөлкемлериниң бул бағдардағы әмелге асырылатуғын жумысларда белсене қатнасыўы зәрүрлиги атап өтилди.











Онда биринши гезекте, билимлендириў ҳәм медициналық хызметтиң сапасын буннан былай да арттырыў, барлық реформалардың тийкары болған пуқаралар жыйынларының абырайын арттырыўға итибар қаратылады. Соннан келип шығып, барлық дәрежедеги депутатлар ҳәм партия Кеңеслери социаллық бағдарда, соның ишинде, билимлендириўде әмелге асырылып атырған реформаларда белсене қатнасып, жәмийетшилик ҳәм депутатлық қадағалаўды алып барыў кереклиги атап өтилди.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Атқарыў комитети өз жумысын партияның уставы, бағдарламасы, сайлаўалды бағдарламасы ҳәм 2022-жылға мөлшерленген реже, мәнзилли илажлар ҳәм “Жол картасы”на муўапық алып барды.

Есабат дәўиринде партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм түсиндириў, партияның жәмийеттеги унамлы  имиджин жаратыў мақсетинде бир қанша үгит-нәсият жумыслары алып барылып, оларда 28 мың 215 қатнасыўшы қамтып алынды.

Усыннан келип шығып, партия электоратының мәплерин қорғаўға қаратылған “Депутат мәҳәлледе”, “ Ҳаял-қызларға жәрдем”, “Жасларға жәрдем” “Депутат ҳәм жаслар”,  “Жақсылық”, “Ҳаял-қызлар менен жүзбе-жүз”, “Мәҳәлледе кәмбағал шаңарақлардың санын азайтыў”, “Мийрим-шәпәәт көрсетейик”, “Халық пенен пикирлесиў– машқалаларды нәтийжели, оператив шешиў факторы”, “Саламат ҳаял керек  турмысқа” ҳәм басқада усындай әмелий жойбарлар өткерилди. Усы жойбарлар шеңберинде 145 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытыўға, 15 пуқараның өз исбилерменлигин баслаўына  жәрдем берилди, 12 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. Сондай-ақ, 89 кәсип-өнер үйрениў тилегиндеги жас  “Устаз-шәкирт” тәризинде бириктирилди. 171 социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақтың ҳал-жағдайынан хабар алынып, оларды қыйнап киятырған машқалалар үйренилди. Усы шаңарақларға азық-аўқат өнимлери, кийим кеншеклер тарқатып берилди. “Саламат ҳаял керек турмысқа” жойбарында 62 мәрте бийпул медициналық тексериў өткерилип, оларда 585  ҳаял-қыз медициналық тексериўден өткерилди.

Фракция ҳәм депутатлық бирлеспелердиң ағзалары Жоқарғы Кеңестиң комитетлери мәжилислеринде,  сессияларда Қарақалпақстан Республикасының нызам ҳүжжетлерин ислеп шығыў, әмелдеги нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў процесслеринде өзлериниң пикир-усыныслары менен белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда, Олий Мажлисдеги партия фракциясы тәрепинен жиберилген нызам жойбарлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы ҳәм партия Кеңеслери менен биргеликте 2022-жыл даўамында  48 нызам жойбарын орынларда додалаўы шөлкемлестирилип, 20  усыныс берилди. Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясының басламасы менен жалғыз кекселер, бағыўшысынан айрылған шаңарақларға, майыплығы болған шахсларға ҳәм алыс аймақларда жасаўшы жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем көрсетиў мақсетинде 207 пуқаралар жыйынындағы 650 шаңарақтың машқаласы үйренилип, әмелий жәрдем көрсетилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги депутатлық топарларының басламасы менен  108 мәселе партия топарларында,  105 мәселе турақлы комиссияларда көрилип, 84  мәселе сессиялардың күн тәртибине киргизилип, тийисли қарарлар қабыл етилиўине ерисилди. Есабат дәўиринде әҳмийетли мәселелер бойынша 52 мәрте партия ҳәкимлик уйымларының мәлимлемеси сын көз қарастан тыңланды ҳәм оның жуўмағы бойынша  машқалаларды сапластырыўға қаратылған тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Бүгинги күни партия Кеңеслериниң жанында пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў  ҳәм электоратты тәшўишке салып киятырған  тийкарғы машқалаларды үйрениў мақсетинде “Жәмийетшилик қабыллаўханалары” жумыс алып бармақта.Оларға өткен жылы  жәми 1052 мүрәжат келип түскен ҳәм олардың 89,8 проценти депутатлар ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргиликте унамлы шешимин тапты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен барлық дәрежедеги депутатлардың өзлериниң сайлаў округлеринде болыўы ҳәм халық пенен пикирлесиўи, олардың машқалаларын үйренип шығыўы мақсетинде ҳәр айда “Әҳмийетли 10 күнлик” енгизилди. Онда депутатлар белсене қатнасып, халықты қыйнап киятырған машқалалардың шешимин табыўға, сайлаўшылар менен турақлы байланыста болыў имканиятын бермекте. Усы күнге шекем депутатлар тәрепинен 364 машқалалы мәселе анықланды ҳәм олардың 350 и шешимин тапты. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының ағзалары тәрепинен сайлаўшылар көтерген машқалалы мәселелер бойынша депутатлар тәрепинен мәмлекетлик басқарыў уйымларына тийкарланган шешим талабы бойынша   120,  халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериндеги депутатлық топарлары ағзалары тәрепинен  434 мәрте депутатлық сораўы жиберилген ҳәм унамлы шешим тапқан.

Бүгинги күни елимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында көплеген жумыслар алып барылмақта. Шараяты аўыр болған, кем тәмийинленген пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының басламасы менен “Меҳир ҳәрекети” басланды. Бул баслама шеңберинде депутатлар белсене қатнасып, өзлериниң сайлаў округлери аймағындағы шараяты аўыр болған шаңарақлардан хабар алып, анықланған  машқалаларға тийисли шөлкемлер менен биргеликте шешим таппақта.

Қоспа мәжилисте мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар процесине белсене қатнасыў, партия шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелериниң жумысын буннан былай да жанландырыў, партияның сайлаў алды бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды турмысқа енгизиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов қатнасты.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери