Ҳәзирги күнлери республикамызда уллы шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлер Әлийшер Наўайының 582 жыллық, Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың 540 жыллық юбилейлери кең түрде белгиленбекте.
Жаслар ислери агентлиги Қанлыкөл районлық бөлими ҳәм Қанлыкөл районлық Халық билимлендириў бөлими тәрепинен усы уллы тулғалардың туўылған күнлери мүнәсибети менен мектеп оқыўшылары арасында «Уллылар қәлбимизде мәңги жасайды» атамасында шығармалар таңлаўы өткерилди.
Таңлаў жуўмағында, өзиниң дөретиўшилик қәбилетин көрсеткен Улдәўлет Шымбергенова биринши, Шахло Турдыбаева екинши, Гүлдана Мырзабаевалар үшинши орынларды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы