Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәлимлеме-ресурс орайында 14-февраль – Заҳириддин Мухаммед Бабур туўылғанының 540 жыллығы мүнәсибети менен «Бабур – Уллы мәмлекетлик ғайраткер ҳәм сәркарда» атамасында әдебий кеше өткерилди.
Оған университеттиң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.
Кешеде мәлимлеме-ресурс орайы хызметкерлери Г.Алланиязова, Г.Нарымбетова, З.Ималатдинова ҳәм Ж.Жуманиязовалар шығып сөйлеп, Бабурдың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Кеше қатнасыўшылары Заҳириддин Мухаммед Бабурдың китаплары менен танысты.
– Университетте оқыў даўамында өзбек әдебий тилиниң раўажланыўына үлкен үлес қосқан көплеген уллы инсанлар туўралы мағлыўматларға ийе болып атырмыз. Солардың қатарында, бабамыз Заҳириддин Мухаммед Бабурды да атап өтсек болады.
Бүгинги өткерилген кешеде усы уллы инсан ҳаққындағы билимлеримизди және де беккемлеп, ол туўралы бир қатар жаңа мағлыўматлар алыўға еристик. Бирге оқып атырған студент-жаслар менен бирге оның шығармаларын додалап, пикир алыстық,-дейди кеше қатнасыўшыларының бири Г.Айтмуратова.
Кеше даўамында студент-жаслар Бабур шығармаларынан үзиндилер оқып, ҳәр қыйлы сахналық көринислер атқарылды.
Кәримжан Абибуллаев,
Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги