Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Қарақалпақстан Республикасы Беруний ҳәм Қанлыкөл районларындағы Халық қабыллаўханаларына баслықлар тайынланды.

Атап айтқанда, Бекзод Максудбаевич Аллабергенов Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Беруний районындағы Халық қабыллаўханасыныӊ баслығы лаўазымына тайынланды. Усы күнге шекем ол Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Қанлыкөл районындағы Халық қабыллаўханасыныӊ баслығы лаўазымында ислеп келген.

Сондай-ақ, Жеӊисбай Умирбаевич Үббиниязов Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Қанлыкөл районындағы Халық қабыллаўханасыныӊ баслығы лаўазымына тайынланды. Усы күнге шекем ол Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасында жетекши қәниге болып  ислеп келген.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.