Суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың нәтийжесинде, көпшилик жағдайларда билип-билмей жынаят ислеген адамларға берилген жаза оны жазалаў менен бирге тәрбиялаў характерине ийе болыўы елимизде инсан қәдири оғада жоқары туратуғынлығынан дәрек бермекте.
Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы Р.Бекмуратованың басшылығында көшпели ашық суд өткерилди.
Онда дәслепки тергеў уйымы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 2-бөлими менен айыпланған И.Б.ның қарсысына топланған жынаят иси көрип шығылды.
Суд мәжилисинде анықланған жағдайларға қарағанда, И.Б. 2022-жыл 15-декабрь күни саат 18:00 де өзиниң басқарыўында болған, пуқара Д.А.ға тийисли «Дамас» маркалы автомашинасын исеним хаты ҳәм қамсызландырыў полиси арқалы «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» асфальт жолының Кегейли районы Жүзимбағ АПЖ аймағынан өтип турған 27-28 километринде «Жол ҳәрекети қағыйдалары» талапларын қопал рәўиште бузып, автомашинасын арқа тәрепке ҳәрекетлендирип атырғанында, автомашинасының арқа тәрепинде турған Н.К.ны қағып алып жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Жол транспорт хәдийсеси ақыбетинде пуқара К.Н. аўыр дене жарақатын алып өзине келместен емлеўханада қайтыс болған.
Суд мәжилисинде судланыўшы Б.И. өзиниң айыбын толық мойынлап, пушайман екенлигин ҳәм жәбиркештен кеширим сорайтуғынын билдирип, өзине жеңиллик бериўди сорап, көрсетпе берди.
Сонлықтан суд, жоқарыдағыларға тийкарланып Б.И.ны Өзбекстан Республикасы ЖКниң 266-статьясы 2-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте айыплы деп таўып, оған усы статья менен жаза тайынлаўды лазым деп есаплады.
Суд, судланыўшы Б.Иға жаза тайынлағанда, оның өз айыбын толық мойынлап, ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын, жасаў орнынан унамлы минезлемеге ийе екенлигин, шаңарақлы болып, қарамағында 2 жас перзентлери бар ҳәм олардың жалғыз бағыўшысы екенлигин, оның алдын жынайый жуўапкершиликке тартылмаған ҳәм судланбаған. Сондай-ақ, жәбиркештиң нызамлы ўәкилиниң судланыўшыға арза даўы жоқлығын, кеширим бергенлигин оның жазасын жеңиллестириўши тәрепи деп, жазасын аўырластырыўшы тәрепи жоқ деп есаплап, еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жаза менен толық дүзелиў имканиятының барлығын, оны жәмийеттен ажыратпаған ҳалда қайта тәрбиялаў мүмкин деген жуўмаққа келип, усы ҳалатларды жынаяттың қәўиплилик дәрежесин сезилерли кемейтиўши жағдай деп тапты.
Соның менен бирге, оның мийнетке қәбилетли екенлигин инабатқа алып, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 2-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып ҳәм оған усы статья менен ЖКниң 57-статьясы қолланылған ҳалда ЖКниң 45-статьясына тийкарланып 3 (үш) жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырылып, ҳәр айлық ис ҳақысының 10 пайыз муғдарын мәмлекет пайдасына услаў жолы менен 2 (еки) жыл мүддетке дүзетиў ислери жазасы тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги