Ҳәзирги ўақытта Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ ўәлаятының белсендилери ҳәм жуўапкерлери менен аймақта санаатты раўажландырыў перспективалары ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерди додаламақта.

Мәлим етилиўинше, көп жыллар экономикасы пахтаға байланыслы болған Жиззақ ўәлаятында жаңа санаат кәрханаларын қурыў ушын кейинги алты жылда миллиардлап доллар инвестиция тартылды. Оның есабынан 2 мыңға шамалас жаңа кәрханалар шөлкемлестирилип, өндирис көлеми 1,9 есеге артқан.

Алдын ўәлаяттың санаат өними тийкарынан пахта талшығы болған болса, ҳәзирги күнде электротехника, оптикалық талшық, автомобиль, қурамалы химиялық элементлер, энерго үнемлеўши материаллар сыяқлы жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығарылмақта. Ўәлаяттағы санаат экспорты 1,8 есеге артып, 166 миллион долларға жеткен.

Ҳәзирги күнде санаатта 54 мың халық бәнт болып, соннан 6,5 мыңы жоқары тәжирийбели қәнигелер болып есапланады.

Президентимиз экономикамызды турақлы раўажландырыў, дүнья базарларына жедел кирип барыў ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў, тек ғана санаат арқалы болатуғынын, бул бойынша келеси еки жылда Жиззақта автомобиль қурылысы ҳәм металлургия тараўларында ири жойбарлар иске қосылатуғынын билдирди.

– Жиззақ санаатының ҳәзирги жедел раўажланыўын даўам еттирип, 2023-жылы ўәлаят санаатын 14 процентке арттырыў керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

– Оның ушын Жиззақта усы жылы 750 миллион долларлық 10 ири жойбар ҳәм 580 миллион долларлық 110 аймақлық санаат жойбары иске қосылыўы керек. Соның есабынан 7,5 мың жаңа жумыс орны жаратылады.

ӨзА