Халықтың жақсы жасаўы, бүгинги күнинен разы болыўы, келешекке үлкен исеним менен қараўы – Жаңа Өзбекстанның ең тийкарғы мақсети. Бул бағдарда әмелге асырылып атырған реформалар республикамыздың алыс аўылларын да шетлеп өткен жоқ. Шымбай районының Пашент-таў аўыл пуқаралар жыйыны район орайынан әдеўир алыста болыўына қарамастан соңғы жыллары бир қанша унамлы өзгерислер болды.

Жаңа технологияларға тийкарланған электр тогин үнемлеўши жол шырақлары, пиядалар жолы, жаңа балалар бақшасы қурылған, шаңарақлық поликлиникасында ири оңлаў жумыслары жүргизилген. Бул елаттағы болған өзгерислер көзди қуўантады. Өткен жылы “Ҳаял-қызлар дәптери” ндеги 57 ҳаял-қыздың 11 ине коммерциялық банклер тәрепинен жеңилликли кредитлер берилип өз исбилерменлигин баслаған болса, 14 ҳаял-қыз жәмийетлик жумысларға орналасты.  Бир ҳаял-қыз турақлы жумыс орнына ийе болып, және биреўи субсидия алды. Соның ишинде, усындай қызларымыздың бири Мавлюда Сабирова  “Mavluda sheber” өндирислик кооперациясын шөлкемлестирип,  20 ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинлеген. Сондай-ақ,  физикалық имканияты шекленген ҳәм бағыўшысынан айырылған  21 пуқараға материаллық жәрдем көрсетилген. Жыйын белсендилери тәрепинен “Темир дәптер” ге киргизилген 3 шаңарақтың жағдайынан турақлы хабар алынып, азық-аўқат өнимлери жеткерип берилген. “Жаслар дәптери” ндеги 7 пуқараға субсидия ажыратылып, 3 студенттиң 50% контракт төлемлери төлеп берилген. Сондай-ақ, усы дәптерде дизимде турған еки жасқа 1 млн 200 мың сумнан материаллық жәрдем көрсетилген.

“Пашент-таў” АПЖ ақсақалы Азизбек Айтымбетов усындай унамлы өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берер екен, аймақтағы айырым машқалаларға да тоқтап өтти. Оның атап өтиўинше жыйын турғынларын қыйнап атырған ишимлик суўы машқаласы сапластырылып атырғаны менен бирге жол мәселесинде бир қатар машқалалар ушырасады. Бул машқалалар бойынша жыйын ақсақалы тийисли шөлкемлерге мүрәжат еткенлигин айтты.    Сондай-ақ, пуқаралардың наразылығына себеп болып атырған жөнелисли автомашиналарда жол ҳақының көтерилиўи менен байланыслы машқала бойынша сектор баслығына мағлыўмат сыпатында берилди ҳәм  Транспорт министрлиги телеграмм ботына арза киргизилген.  Ҳәзирги күнлери  бул машқала бойынша үйрениў жумыслары алып барылып, жақын күнлерде жол ҳақы баҳасы алдынғы қәлипине түсетуғынын атап өтти.

Аўыл-аймақларда машқалалар өз шешимин тапса, исбилерменлик раўажланып, халықтың жасаў жағдайы жақсыланады ҳәм реформалар бизлер күткен нәтийжелерди береди.

 

 

Гулчеҳра Айтмуратова,

ҚМУ журналистика қәнигелиги 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги