Бүгинги күнде елимиз бойлап өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшы уллы сөз зергери, ағартыўшы ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайының туўылғанының 582 жыллығына бағышланған илажлар өткерилмекте.

Төрткүл районындағы қәнигелестирилген мектепте те «Наўайыны еслеп жасаймыз, мудамы» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Әлийшер Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы мағлыўматлар берилип, оның жәҳән әдебиятына қосқан үлеси ҳәм әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, ҳәр биримиз уллы шайырымызды мақтаныш етип, бүгинги жасларымыздың Наўайыдай уллы ата-бабалар әўлады деген атқа ылайық болыўын, ҳәр тәреплеме кәмил инсан болып жетилисиўин тәмийинлеўимиз керек.

– Уллы бабамыз Әлийшер Наўайыны қанша мақтасақ та, тилген алсақ та көплик етпейди,-дейди ӨзЛиДеП Төрткүл районлық Кеңесиниң аппарат баслығы У.Бабаджанов. – Оның пүткил дүньяда сүйип оқылатуғын, дүньяның көплеген тиллерине аўдарылған шығармалары халқымыздың атын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин, қәдириятларымызды дүньяға танытпақта.

Илаж даўамында оқыўшылар Наўайы шығармаларынан үзиндилер оқып, ҳәр қыйлы сахналық көринислерди атқарды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги