Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына бола мәмлекетимиз арнаўлы борты жер силкиниў ақыбетинде жәбирленгенлерге қыстаўлы жәрдем көрсетиў мақсетинде Түркияның Газиянтеп қаласына жетип барды.

Бортта улыўма саны 71 адамнан ибарат қосымша излеў-қутқарыў ҳәм медицина хызметкерлериниң топары менен бир қатарда, гезектеги гуманитарлық жәрдем партиясы да жеткерилди.

Жәбирленгенлерге жәрдем бериў мақсетинде Өзбекстан Қорғаныў министрлиги медициналық отрядының 50 хызметкери хызмет ететуғын бир гектар майданға тоғыз айрықша бөлимнен ибарат көшпели емлеўхана комплексин жайластырыў режелестирилген.

Бул дала емлеўханасы барлық зәрүр медициналық әсбап-үскенелер ҳәм дәри-дәрмақлар менен толық тәмийинленеди.

ӨзА