2022-жылдың 1-2-июль күнлери Қарақалпақстан Республикасында жүз берген ғалабалық тәртипсизликлер бойынша Жынаят Кодексиниң 159-статьясы менен қозғалған жынаят иси бойынша айыпланған 22 шахсқа судтың 2023-жыл 31-январь күни шығарылған ҳүкими Өзбекстан Республикасы Жоқары судының баспасөз хызмети тәрепинен жарытылды.

Сондай-ақ, 18 ҳәм 21 шахсқа (ҳәммесине қамақ сақлық шарасы қолланылған) Жынаят Кодексиниң 244-статьясы (Ғалабалық тәртипсизликлер) ҳәм басқа да тийисли статьялары болған 2 жынаят исиниң айыплаў жуўмағы менен 2023-жыл 17-январь күни мазмуны жағынан көриў ушын Қарақалпақстан Республикасының судына жиберилди.

Ҳәзирги ўақытта бул жынаят ислери суд тәрепинен мазмуны жағынан көрип шығылмақта.

Буннан тысқары, ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң нызамсыз ҳәрекетлери бойынша қозғалған жынаят ислери тергеў шеңберинде 3 шахсқа Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен айыплаў жәрияланып, қамаққа алыў түриндеги сақлық шарасы қолланылды.

Ҳәзирги ўақытта жынаят ислери бойынша тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте. Тергеў нәтийжеси бойынша жынаят ислериниң судқа жиберилиўи тәмийинленеди.

ӨзА