Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде аўыл ҳәм суў хожалығы, шарўашылықты раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳәм усы тараўлардағы шешимин күтип турған машқалалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басқарып барды.

Атап өтилгениндей, сонғы жыллары елимизде аўыл хожалығы тараўын модернизациялаў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, тараўға базар қатнасықларын кеңнен ен жайдырыў, инновациялық технологияларды тартыў бағдарында кең көлемли реформалар алып барылмақта. Усындай ийгиликли жумыслар даўам етип атырған бир ўақытта, айырым бағдарларда, атап айтқанда, азық-аўқат кәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарларымызға сапалы аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў талап дәрежесинде емес.

Атап айтқанда, аўыл хожалығы егинлериниң жайластырылыўы бойынша бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылған. Нәтийжеде 2022-жылда тастыйықланған аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў бойынша реже толық орынланбаған. Бийдай, картошка, палыз, собықлы өсимликлер, дәнли ҳәм майлы егинлер режеге салыстырғанда кем егилген. 11 районда ҳәкимлик резервиндеги егислик жерлерине ҳеш бир ҳүжжетсиз аўыл хожалығы егинлери егилиўине жол қойылған. Буннан тысқары, бағшылық бағдарындағы жумыслар да талап дәрежесинде орынланбаған. Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Хожели районларында режеде белгиленбеген нызамсыз салы егилип, нәтийжеде халыққа зәрүр тийкарғы азық-аўқат өнимлери ушын суў жетип бармаған.

Жоқарыдағылар менен бир қатарда, аўыл хожалығы егинлериниң дурыс жайластырылмаўы ҳәм режедеги егинлердиң толық егилмеўи нәтийжесинде халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талабының тәмийинлениў дәрежеси төмен болып қалмақта. Соның менен бирге, 2022-жылы дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ушын белгиленген 462 гектар жер майданы ажыратылмастан қалған. Режеге салыстырғанда талап дәрежесинде салы тапсырылмаған. Булардан тысқары, өткен 2022-жылда нызамсыз салы еккен субъектлерге қолланылған жәрийма толық өндирилмеген. Сондай-ақ, пахташылық ҳәм ғәлле жетистириў бағдарындағы жумыслар да қанаатландырарсыз дәрежеде шөлкемлестирилген. Кластерлер тәрепинен фермерлерге қарыздарлық толық берилмеген.

Шарўашылықты раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар да бүгинги күнниң талабына жуўап бермейди. Ең ашынарлысы, 59 шарўашылыққа қәнигелестирилген фермер хожалығында 1 бас та қара мал жоқ. Районларда 8 шарўашылыққа ҳәм 4 қусшылыққа қәнигелескен комплекслер пайдаланбай бос турғанлығы анықланған. Усылар менен бир қатарда, 179 шарўашылық хожалығында режеде белгиленбеген 3 мың 639 гектар майданға салы егиў факти анықланған. Ыссыхана шараятында өним жетистириў талап дәрежесинде жолға қойылмаған.

Мәжилис даўамында усы сыяқлы бир қатар қәте-кемшиликлер сынға алынды. Әсиресе, суў тамтарыслығы дәўиринде оннан үнемли пайдаланбаў жағдайы көбейгени айрықша сынға алынды. Ең ашынарлысы, «Әмиўдәрья» дәрьясы бойындағы 120 дана насос агрегатының 47 данасы нызамсыз қурылғанлығы анықланған. Агрокластерлердиң жумыслары, аўыл хожалығы тараўына инвестиция жойбарларын енгизиў, өнимлерди экспортқа жибериў, агрологистика орайларын раўажландырыў ҳәм заманагөй лабораториялардың санын көбейтиў бойынша жумыслар да қанаатландырарсыз дәрежеде қалмақта.

Мәжилисте  аграр сектордағы кемшиликлерди сапластырыў, быйылғы егис мапазында өткен 2022-жылда жол қойылған кемшиликлерди болдырмаў, белгиленген режеге муўапық жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў, ең баслысы, барлық орынларда нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги