Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Уллы мәртебели мырза Гурбангули Бердимуҳамедовқа

Ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевич!

Қәдирдан достым!

Сизди байланысларымыз тарийхындағы әҳмийетли сәне – Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында дипломатиялық байланыслар орнатылғанының 30 жыллығы менен қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.

Мәмлекетлеримиздиң жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара тығыз бирге ислесиў байланыслары әсирлер даўамында бирге таныш ҳәм татыў жасап киятырған, тамырлары бирдей ҳәм туўысқан болған халықларымыздың улыўмалық абаданлығы ҳәм раўажланыўына, сондай-ақ, регионымыздың тынышлығы ҳәм турақлылығы ушын әҳмийетли тийкар болып хызмет етип келмекте.

Усы жерде дос еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме кеңейтиўде, өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге тийкарланған стратегиялық шерикликти мисли көрилмеген дәрежеде жоқарылатыўда Сиз, Уллы мәртебели мырзаның қосып киятырған үлкен үлесиңиз бар екенлигин айрықша атап өтиўди қәлер едим.

Сиз бенен арамызда ен жайдырылған турақлы ашық ҳәм исенимли сөйлесиўлер, мәмлекетлер аралық қатнасықларымызды тәртипке салыўшы нәтийжели механизмлердиң жаратылғаны барлық тийкарғы бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де күшейтиў ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевич!

Сизиң узақты гөзлеген, ақылға уғрас ишки ҳәм сыртқы сиясатыңыз нәтийжесинде ҳәзирги күнде Түркменстан барлық тараўларда үлкен жетискенликлер менен шеклерге ериспекте, халықтың абаданлығы турақлы артып, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайы-мәртебеси жоқарылап бармақта.

Өткен жылдың 11-ноябринде Самарқандта болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитинде Сизиң жеке қатнасыўыңыз ҳәм «Түркий дүньяның жоқары ордени» менен сыйлықланғаныңыз әнжуманның әҳмийетин және де арттырыўға шексиз үлес қосыў менен бирге, туўысқан өзбек ҳәм түркмен халықларының дослық байланысларының қаншелли жоқары дәрежеде екенин дүньяға және бир мәрте көрсетти.

Сизиң елиңиздиң раўажланыўы ушын ислеп атырған уллы ҳәм тарийхый ислериңиз, узақ келешекке бағдарланған стратегия ҳәм бағдарламаларыңыз, алып барған көлемли реформаларыңыз нәтийжесинде жақында бийтәреп Түркменстанның Халық ҳәкимияты Жоқары ўәкиллик уйымы – Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы етип тастыйықландыңыз ҳәм Түркмен халқының миллий лидери статусына миясар болдыңыз.

Әлбетте, әзелий туўысқанлық, мәңги дослық ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаў принциплерине тийкарланған узақ мүддетли сондай-ақ, кең көлемли шериклигимиз буннан кейинде избе-из даўам етеди, деп беккем исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, Сизге беккем денсаўлық, узақ өмир, шаңарақлық бахыт, мақтанышлы жумысыңызда үлкен табыслар, туўысқан түркмен халқына болса тынышлық-татыўлық, даўамлы раўажланыў ҳәм абаданлық тилеп қаламан.

Қызғын ҳүрмет пенен,

Шавкат Мирзиёев

Өзбекстан Республикасы Президенти