Түркменстан Президенти Уллы мәртебели мырза Сердар Бердимуҳамедовқа

Ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич!

Өзбек ҳәм түркмен халықлары тарийхындағы әҳмийетли ҳәм қутлы сәне – мәмлекетлеримиз арасында дипломатиялық байланыслар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели Мырзаға қызғын қутлықлаўларым ҳәм жақсы тилеклеримди жоллағанымнан оғада қуўанышлыман.

Түркменстан биз ушын көп әсирлик жақын дос ҳәм татыў қоңсы, улыўма мәдений дәстүрлер, уқсас тил ҳәм үрп-әдетлерге ийе болған, сондай-ақ, дәўир сынақларынан өткен исенимли шерик болып табылады.

Еки мәмлекеттиң ғәрезсизлик жылларында басып өткен жолларына нәзер таслар екенбиз, соны айрықша атап өтиў орынлы, 30 жыл даўамында мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң беккем сиясий-дипломатиялық ҳәм ҳуқықый тийкарын жарата алдық.

Бирдей сиясий ерк-ықрарымыз арқалы өз-ара ҳүрмет ҳәм бир-бирин қоллап-қуўатлаўға тийкарланған стратегиялық шериклик қатнасықлары кейинги жыллары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип, әмелий мазмун менен байып бармақта. Жоқары дәрежедеги сиясий сөйлесиўлер, парламентлер аралық ҳәм аймақлар аралық байланыслар және де жеделлеспекте.

Саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша Ҳүкиметлер аралық комиссиялар шеңберинде еки тәреплеме жумыстың барлық тараўлары бойынша исенимли ҳәрекетлерди әмелге асырмақтамыз.

Сиз бенен 2022-жылы Ташкент, Самарқанд ҳәм Ашхабад қалаларында болып өткен дослық ҳәм нәтийжели ушырасыўларымыз ўақтында ҳәр тәреплеме сондай-ақ, узақ мүддетли бирге ислесиў байланысларын избе-из раўажландырыўдан мәпдар екенимизди және бир мәрте тастыйықладық.

Усы жерде халықларымыздың абаданлығы жолында Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында еле иске қосылмаған үлкен имканиятлар бар екенлигин, өз-ара саўда айланысын кескин арттырыў ҳәм өнимлер номенклатурасын кеңейтиў сондай-ақ, санаат кооперациясын және де күшейтиўге таяр екенимизди атап өтиўди қәлер едим.

Ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич!

Мәмлекетлеримиз арасында ен жайдырылған ҳәм басқаларға да өрнек бола алатуғын стратегиялық шериклик қатнасықлары буннан былай да әзелден жақын туўысқан еллеримиздиң улыўмалық мәплери ҳәм раўажланыўы жолында табыслы раўажланып бара беретуғынына исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, Сизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм оғада жуўапкершиликли жумысыңызда үлкен табыслар, туўысқан Түркменстан халқына болса тынышлық-татыўлық, турақлы раўажланыў ҳәм және де абаданлық тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти