Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басқарма баслығы Д. Собиржанов Қараөзек районында болып, аймақтағы бир қатар социаллық объектлер ҳәм жергиликли халықтың қыс мәўсиминдеги жасаў жағдайлары менен жақыннан танысты.
Үйрениў даўамында райондағы улыўма билим бериў мектеплериниң жылытыў қазанханаларының сазлығы ҳәм мектеп оқыўшылары оқыйтуғын бөлмелердиң жыллылығы көзден өткерилди.
Сондай-ақ, «Қараөзек Дийқан базары» нда шөлкемлестирилип атырған саўда ярмаркасында азық-аўқат өнимлериниң баҳалары, олардың алып келиниўи ҳәм арзан баҳаларда сатылыўы, аймақ халқының газ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўға болған машқалалары үйренип шығылды.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басқарма баслығы Д. Собиржанов үйрениўлер жуўмағында ушырасқан кемшиликлерди сапластырыў бойынша жуўапкер басшыларға тийисли көрсетплер берди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы