Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси тәрепинен фермер-дийқан хожалықларының мәплерин қорғап, таярлаўшы кәрханалардан өткен жылы тапсырылған өними ушын алалмай киятырған пулларын өндирип бериў илажлары көрилмекте.
-Атап айтқанда “Беруний кластер” жуўапкершилиги шекленген жәмийети аймағында жайласқан 188 фермер хожалығының өткен жылы тапсырған пахта өниминен 45 миллиард 793 миллион 568,9 мың қарыздарлығы анықланды,-дейди Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң бас қәнигеси Полат Ғаниев.- Өзбекстан Республикасының 1998-жыл 29-август күнги “Хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысының шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамы, Өзбекстан Республикасының Пуқаралық Кодекси талапларынан келип шыққан ҳалда жүзеге келген қарыздарлықты тез арада төлеўдиң илажларын көриў, болмаса суд арқалы өндирилетуғынлығы бойынша талапнама берилди.
Сондай-ақ, өткен жылғы өнимнен “Қарақалпақ агрокластер” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Тахтакөпир районындағы 103 фермер хожалығынан 9 миллиард 336 миллион 252 мың сум, “Агро Шуманай кластер” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Шоманай районындағы 217 фермер хожалығынан 1 миллиард 974 миллион 286,8 мың сум, “Кегейли Шымбай агро кластер” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Кегейли районындағы 168 фермер хожалығынан 7 миллиард 115 миллион 756,3 мың сумлық қарыздарлығы бойынша кластерлер ескертилип, оларға талапнама жиберилди.
Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси тәрепинен фермер-дийқан хожалықларының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарындағы жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.