Нидерландияның Вейк-ан-Зее қаласында даўам етип атырған «Tata Steel Chess» халықаралық турнириниң 5-турында мәмлекетимиз сайланды командасы ағзасы жас гроссмейстер Нодирбек Абдусатторов классикалық шахмат бойынша әмелдеги жәҳән чемпионы Магнус Карлсен менен өз-ара ушырасты.
Классикалық шахматта дәслепки рет күш сынасып атырған бул шахматшылар ушын ойын оғада қыйын тәризде болып өтти. 6 саатдан аслам ўақыт даўам еткен ойында Нодирбек дүнья шахматында бүгинги күни жетекшилик етип киятырған Карлсенге қарсы қара тасларда ойнап, оны жеңип шығыўға еристи.
Солай етип, өткерилген 5 турдан соң Нодирбек Абдусатторов 4 упай топлап, турнир жетекшисине айланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.