Нидерландияның Вейк-ан-Зее қаласында шахмат бойынша «Tata Steel Chess» турнири болып өтпекте.
Дүньяның рейтинги жоқары 14 шахматшысы арасында өткерилип атырған жарыста өзбекстанлы Нодирбек Абдусатторов 1-турда румыниялы Рихард Раппортты жеңип шыққан болса, 2-турда америкалы атақлы гроссмейстер Фабиано Каруана менен теңбе-тең ойнаўға еристи.
Әмелдеги жәҳән чемпионы норвегиялы Магнус Карлсен болса, германиялы Винсент Каймерди жеңип шықты.
Екинши турдан соң Нодирбек Абдусаттаров, Магнус Карлсен, Дин Лижэнь ҳәм Аниш Гири 1,5 упай топлап, турнирде жетекшилик етип келмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы