Австралияның Мельбурн қаласында теннис бойынша мәўсимниң ең дәслепки «Үлкен Дубылға» турнири есапланған Australian Open жарысы даўам етпекте.

Бүгин жарыстың ҳаял-қызлар арасындағы таңлап алыў басқышында мәмлекетимиздиң 1-ракеткасы Нигина Абдураимова  америкалы Кэти Колинец пенен беллесиў алып барды.

Еки саат 28 минут даўам еткен бул ойында Кэти 6/1, 4/6, 7/6(тай-бректе 10/4)  есабында жеңиске ерисип, турнирдиң үшинши басқышына жолламаны қолға киргизди.

 

Адилбай Оразов,  

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы