Кеше футбол бойынша Өзбекстан U-23 сайланды командасы Бирлескен Араб Әмирликлери сайланды командасы менен өз-ара дослық ушырасыўын өткерди.

Ойынның 27-минутында Отабек Жўрақўзиев есапты ашқан болса, екинши таймның соңында Сарвар Шарипов гол урыўға миясар болды.

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, бул ойындағы урылған гол Сарвар Шарипов ушын жаслар сайланды командасындағы дәслепки гол болып есапланады.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы