Бүгин Мельбурн қаласында теннис бойынша быйылғы мәўсимниң дәслепки ең ири турнири – Австралия ашық чемпионатына старт берилди.

Улыўма сыйлық фонды 51,5 миллион АҚШ долларын қураўшы Australian Open ниң таңлап алыў басқышында елимиздиң 1-ракеткасы Нигина Абдураимова испаниялы Лейре Гормазға қарсы кортқа шықты.

WTA рейтингинде 180 орында киятырған Абдураимова ҳәм 169-орынды ийелеп турған Гормаз арасындағы ойын 2:6, 6:3, 6:2 есабында Нигинаның пайдасына шешилди.

Бул ойындағы жеңис арқалы Нигина WTA рейтинги ушын 20 упай ҳәм 36 575 австралия долларын (бүгинги курс бойынша 25 353 АҚШ доллары) қолға киргизди.

Енди Нигина турнирдиң екинши басқышында америкалы Кэти Колинецке қарсы ойынға түседи.  Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, ҳәзирги ўақытта Кэти WTA рейтингинде 115 орынды ийелеп тур.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы