3-4-февраль күнлери Ташкент қаласында теннис бойынша Өзбекстан ҳәм АҚШ сайланды командаларының ушырасыўы болып өтеди.

Рәсмий емес жәҳән чемпионаты есапланған Дэвис Кубогиниң жәҳән лигасына таңлап алыў басқышы шеңберинде өткерилетуғын бул ушырасыўдың дәслепки күнинде еки жеке, екинши күни болса, бир жуплық ҳәм еки жеке беллесиўлер болып өтеди.

Еки сайланды команда тренерлери тәрепинен бул ушырасыўларда кортқа түсетуғын теннисшилер аты жәрияланды. Атап айтатуғын болсақ, елимиздиң екинши ракеткаси Денис Истомин сәрдар сыпатында теннисшилеримизди кортга баслап түсетуғын бул ойынларда Сергей Фомин, Ҳумоюн Султонов ҳәм  Санжар Файзиевлер де жеңис ушын беллесиўлерге шығады.

АҚШ сайланды командасы қурамында болса, Томми Паул, Женсон Бруксби, Макдональд Маккензи, Ражив Рам ҳәм Остин Крайчиклер орын алған.

Салыстырыў ушын айтатуғын болсақ, командамыз ағзаларынан Фомин ATP рейтингинде  362, Истомин 468, Султонов 489, Файзиев 1178-орынды ийелеп тур.  Ал, АҚШлы Томми Пол 32, Бруксби 48, Макдональд 63, жуплық беллесиўлеринде қатнасыўшы Ражив Рам  ATP рейтингинде 3, Крайчик болса 10-орынларды ийелеп келмекте.

Бул ушырасыўда жеңип шыққан команда  сентябрь айында өткерилетуғын Дэвис Кубогиниң  финаллық басқышына жолламаны қолға киргизеди.

 

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы